Мәмлекетлик Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экология факультети менен биргеликте Сарықамыс көли, Қойшек, Қурықкөл, Қапланқыр, Қазақлы, Қулантақыр ҳәм Шахпахта маршрутлары бойынша ҳайўанат дүньясының гүзги санағы өткерилди. Бул ҳаққында «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы мәлимлеме хызмети хабар берди.
Улыўма жети маршрут бойынша өткерилген санақ маршрутлы автосанақ усылында әмелге асырылды. Сондай-ақ, тәбият бағында санақ ушын белгиленген үш таяныш ноқатында – Сарықамыс, Чинк ҳәм Қапланқырда ҳайўанларды санаў, ушырасқан ҳайўан излери санағы ҳәм автосанақ дәўиринде айырым жерлерде пияда жүриў арқалы ҳайўанлар санағы усылларынан пайдаланылды.
Үйрениўлер даўамында 458 жейран, 27 Үстирт қойы, 6 жабайы шошқа, 37 түркмен қуланы, 8 түлки, 3 қасқырдың бирлескен топары излери, сондай-ақ, қуслардан 2 шөл бүргити, 114 алмабас үйрек, 823 қасқалдақ, 10 ақ қуйрықлы суў бүргити анықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.