БМШ Қазақстандағы жағдайды қәўетерлениў менен бақлап бармақта, әҳмийетлиси, барлық тәреплер зорлықтан тыйылыўы керек, деди БМШ бас хаткериниң рәсмий ўәкили Стефан Дюжаррик брифингте.

«Биз Қазақстанда пайда болған жағдайды қәўетерлениў менен бақлап турмыз. Ең әҳмийетлиси, бул ўақыяларға байланысы болған барлық тәреплер өзлерин тыйып, зорлықларға жол қоймасын ҳәм барлық машқалаларды шешиў ушын сөйлесиў жолын қоллап-қуўатласын»,-деди Дюжаррик.

Қазақстандағы БМШ хызметкерлерине ҳәзирше қәўиплер жоқ, деди БМШ бас хаткериниң рәсмий ўәкили. «Бизиң Қазақстанда ўәкилханамыз бар. Хызметкерлеримиз менен байланыстық. Олардың қәўипизлигине, өмири ҳәм жумыс ислеўине қәўиплер жоқ»,-деди Дюжаррик брифингте.

 

ӨзА