Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда елатлы пунктлерди көклемзарластырыў, терек ҳәм путалықларды қорғаў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў бойынша системалы илажлар көрилмекте. Баҳалы сортлы терек ҳәм путалықлардың кесилиўине мораторий енгизилиўи, терек кесиў жағдайлары ушын жәрийма ҳәм компенсациялар муғдарының арттырылыўы усылардың қатарына киреди.

Бирақ, жуўапкер шөлкемлердиң әмелге асырылып атырған жумысларға немқурайдылық пенен қатнас жасаўы ҳәм айырым шахслардың өсимлик дүньясы объектлерине болған агрессивлик ҳәрекетлери, соның ишинде, тереклерди нызамсыз кесиўге байланыслы жағдайлар улыўма экологиялық жағдайдың төменлеўине себеп болмақта.

Буннан тысқары, жедел инвестициялық ҳәрекетлердиң, атап айтқанда, санаат өндириси, қурылыс, урбанизация ҳәм дөретиўшилик көлеминиң кескин кеңейиўи елатлы пунктлерге түсип атырған экологиялық жүклемени азайтыў механизмлерин жетилистириўди талап етпекте.

Терек, путалықлар ҳәм жасыл аймақларды қорғаў және олардың майданларын кеңейтиў, бул тараўда жуўапкер шөлкемлердиң жумысын буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-октябрьдеги «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының Қоршаған орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5863-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:

  1. Пүткил мәмлекет көлеминде терек атызларын көбейтиўге қаратылған төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары енгизилсин:

тереклерди егиў ҳәм тәрбиялаў тараўындағы басқарыў системасын жетилистириў;

илимий көзқараслар тийкарында аймақлардың топырақ-климат ҳәм басқа өзгешеликлерин анықлаўға қаратылған изертлеў ҳәм таллаўларды әмелге асырыў ҳәм соның нәтийжесинде аймақлар кесиминде республика картасын ислеп шығыў;

нәлханалардың санын көбейтиў, топырақ өнимдарлығын есапқа алған ҳалда, аймақлардың климатына сай сырт ел декоратив тереклерин локализациялаў;

аймақларда «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәт парклери»н жаратыў;

тереклерди суўғарыў системасын қайта көрип шығыў, оның нәтийжели жумысын тәмийинлеў;

ҳәр бир теректи тәрбиялаў ушын жуўапкер шахсларды белгилеў, бул бойынша хошаметлеў механизмлерин кеңнен қолланыў;

тереклерди заялаў ҳәм набыт еткенлик ушын жуўапкершиликти күшейтиў, бул бағдара жәмийетлик қадағалаўды және де арттырыў.

  1. Мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын тереклер ҳәм путалықлардың баҳалы сортларының кесилиўине мораторийдиң әмел етиўи мүддетсиз дәўирге созылсын.

Мораторий дәўиринде әмелдеги шеклеў ҳәм миннетлемелер менен бирге қосымша түрде төмендегилер белгиленсин:

а) ҳуқықбузарларға:

мораторий талапларын бузғанлық ушын ҳәкимшилик жәриймалар муғдары бес есеге;

тереклер ҳәм путалықларды нызамсыз кесиў ҳәм заялаў арқалы өсимлик дүньясына жеткерилген зыян ушын өндириў суммалары еки есеге арттырылған ҳалда қолланылады;

б) мораторий талапларын бузған қурылыс- жумысты бөлип алыў шөлкемлериниң «Таза қурылыс» миллий мәлимлеме системасындағы дәрежеси (рейтинг баҳасы) бир текше төменлетиледи. Онда:

дәрежеси (рейтинг баҳасы) бир текше төменлетилген қурылыс- жумысты бөлип алыў шөлкемлери бир жыл даўамында дәрежесин (рейтинг баҳасын) көтериў имканиятынан айырылады;

дәрежесин (рейтинг баҳасын) бир текшеге төменлетиў имканияты болмаған қурылыс-бөлип алыў шөлкемлери бир жыл мүддетке қурылыс-жумысты бөлип алыў шөлкемлериниң электрон рейтингинен толық шығарып тасланады;

в) жаңадан қурылатуғын, бийиклиги жер бетинен 12 метрден ҳәм (яки) улыўма майданы 500 квадрат метрден артық болған имарат ҳәм қурылмаларды жойбарластырыўда оларға тутас аймақлардың көклемзарластырыў (тереклер, путалықлар, басқа өсимликлер ҳәм нәллерди егиў) майданлары жойбар ушын ажыратылатуғын жер участкалары улыўма майданының 25 процентинен аз болыўына жол қойылмайды (эксплуатация мүддетин өтеп болған ҳәм әбден ескирген имарат ҳәм  қурылмаларды реновациялаў буған кирмейди);

г) мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын тереклер ҳәм путалықлардың  баҳалы сортларын кесиў, тамырынан қопарыў, заялаў яки жоқ етиўди нәзерде тутатуғын көрсетпелерди өз ишине алған ҳүкимет бийликлери, баянламалар, жазба тапсырмалар, ведомстволық ҳүжжетлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының көрсетпелери ҳәм қарарларын қабыл етиў қатаң қадаған етиледи.

  1. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда ­ Мәмлекетлик экология комитети) үш ай мүддеттетөмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

тереклер ҳәм путалықлардың баҳалы сортларын кесиў, тамырынан қопарыў, заялаў яки жоқ етиўди нәзерде тутатуғын жойбар ҳүжжетлерин таярлағаны ушын жойбарлаў институтларының жуўапкершилигин белгилеў;

тереклер ҳәм путалықларды нызамға қайшы түрде кесиў, тамырынан қопарыў, зыян жеткериў, басқа жерге көширип отырғызыў ҳәм тәрбияламаў ақыбетинде олардың қуўрап қалыўы ушын жуўапкершиликти күшейтиў.

  1. Жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде 2022-жыл 1-апрельден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

халық тәрепинен Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик экология комитетиниң арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген, тереклер, путалықлар, басқа өсимликлер ҳәм нәллерди нызамға қайшы түрде кесиў, тамырынан қопарыў, заялаў, жоқ етиў яки басқа жерге көширип отырғызыў бойынша ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосүўрет ҳәм видеожазыўлар арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоға түсириў техника қураллары арқалы белгиленген ҳуқықбузарлықлар жағдайлары түсирилген фотосүўрет ҳәм видеожазыўларға теңлестирилип,  Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген тәртипте көрип шығылады;

ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы фотосүўрет ҳәм видеожазыўларды жиберген шахслар ҳәр бир тастыйықланған жағдай бойынша ҳуқықбузардан өндирилген қаржылар есабынан базалық есаплаў муғдарының бир есесинен тең муғдардағы ақшалай сыйлық пенен хошаметлендириледи. Онда, ҳуқықбузарлық тийисли уйымлар тәрепинен тиккелей анықланғаннан соң келип түскен хабарлар бойынша хошаметлеў әмелге асырылмайды;

хошаметлеў ҳуқықбузарлық бойынша биринши хабар берген шахсқа қолланылады;

ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша фотосүўрет, видеожазыў ҳәм хабарларды берген шахслар ҳаққындағы мағлыўматлардың жәрияланыўына жол қойылмайды;

хошаметлеў қаржылары өндирилетуғын жәриймалардың тийисли уйымлар есабында қалдырылатуғын бөлиминен қаплап бериледи.

  1. Ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы хабарлар «101» оператив қысқа номерияки «Экоқадағалаў» мәлимлеме системасы арқалы қабыл етилетуғыны белгиленсин.

Мәмлекетлик экология комитети Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик экологиялық қадағалаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Мәмлекетлик экология комитети Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекемтөмендегилер ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған «Жасыл мәкан» платформасын иске түсирсин:

аймақлардың топырақ-климат өзгешеликлери, оларда бар тереклердиң саны, түри ҳәм жайласыўы, қалалардың көклемзарластырылғанлық дәрежеси;

анық аймақ (район (қала), мәҳәлле ҳәм жер участкасы) кесиминде халықтың жеке басламасы тийкарында тереклер егилиўи мүмкин болған мәнзиллер ҳәм тереклердиң түрлери;

анық аймақ ҳәм ҳәр бир терек кесиминде тереклерди кесиў, соның ишинде, санитария мақсетинде кесиў ушын берилген руқсатнамалар;

анық аймақ ҳәм ҳәр бир терек кесиминде тереклерди нызамға қайшы түрде кесиў, тамырынан қопарыў, заялаў, жоқ етиў ҳәм көшириў бойынша анықланған ҳуқықбузарлықлар ҳәм олар бойынша көрилген илажлар.

  1. Төмендегилер:

2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда «жасыл бағлар»ды жаратыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жаңа ҳәм  мәденият ҳәм дем алыў бағлары негизинде шөлкемлестирилип атырған «жасыл жәмәәтлик парклер»диң дизимлери 2 а ҳәм 2 б-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. а)«жасыл бағлар» қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлерде терек атызларын ҳәм путазарлықларды жаратыў, қайтадан көбейтиў, қайта тиклеў, тәрбиялаў, қорғаў ҳәм олардың өнимдарлығын арттырыўға хызмет ететуғыны;

б) «жасыл жәмәәтлик парклер» ведомстволық бойсыныўына қарамастан, имарат, қурылмалар, өндирислик ҳәм өндирислик емес объектлер, соның ишинде, аттракционлар қурылысы қадаған етилген және халықтың сейил етиўине мөлшерленген терек атызлары ҳәм путазарлардан ибарат болатуғыны;

в) төмендеги илажларды қаржыландырыў Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны:

«Жасыл мәкан» платформасын жаратыў ҳәм жумысын тәмийинлеў;

тереклерди бириктириў, атап айтқанда, тийисли көширмелер бериў;

г) «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәтлик парклер»ди шөлкемлестириў, сақлаў ҳәм раўажландырыў илажларын қаржыландырыў жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери, қәўендерлик ҳәм грант қаржылары ҳәм  нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

д) «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәтлик парклер» жайласқан жер участкалары:

олардың мүлк ийелери, пайдаланыўшылары ҳәм ижарашылары қарамағында болады;

олардың мүлкдарлары, ийелери, пайдаланыўшылары ҳәм ижарашылары белгиленбеген болса, «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәтлик парклер» олардан пайдаланыўшы яки оларға хызмет көрсетиўши тийисли мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары яки көп квартиралы турақ жайлар мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилетуғыны;

е) районлар (қалалар)дың орайлық көшелерин көклемзарластырыўда:

егилетуғын терек ҳәм пута нәллериниң көгериўшеңлигин тәмийинлеў ушын суўғарыў системасы болмаған жерлерге ҳәм  жасы 5 жылдан аз болған нәллердиң егилиўи қадаған етилетуғыны;

бир түрдеги терек ҳәм пута нәллерин егиў арқалы «каштан көшеси»«шынар көшеси» сыяқлы үлги көшелердиң шөлкемлестирилиўине тийкарғы итибар қаратылатуғыны;

ж) 2022-жыл 1-марттан баслап терек ҳәм путалардың зыянкеслери менен кеселликлерине қарсы гүресиў илажларына жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклериниң 2 процентине шекем муғдардагы қаржылар ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте:

ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде нәл егиў ҳәм сақлаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша «жасыл ҳәптелик» илажларының өткерип барылыўын тәмийинлесин;

телевидение ҳәм социаллық тармақлардан кеңнен пайдаланған ҳалда, жаслар ҳәм басқа ерклилерди терек егиў, тәрбиялаў жумысларына жедел тартыў илажларын шөлкемлестирсин.

  1. Төмендегилер:

«жасыл ҳәптелик» илажларында орынланатуғын барлық жумыслар ҳәм өткерилетуғын илажлар ықтыярлы түрде әмелге асырылатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан халыққа бийпул нәл тарқатыў ушын мәкан пуқаралар жыйынларына нәллер жеткерип беретуғыны ҳәм «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәтлик парклер»ге терек егиў мақсетинде келген пуқараларды нәл егиў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлейтуғыны;

көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен шахсларды Мәмлекетлик экология комитети тәрепинен «Тәбият қорғаўшысы» көкирек белгиси менен сыйлықлаў әмелияты енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Барлық районларда (қалаларда) район (қала) ҳәкими, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығы, ирригация бөлими баслығы, қурылыс бөлими баслығы ҳәм турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бөлими баслығынан ибарат үлги қурамда ирригация ҳәм суўғарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумысшы топарлардүзилсин.

Жумысшы топарлар еки ай мүддетте районлар (қалалар) орайларында абаданластырыў объектлериниң суўғарыў системаларын, соның ишинде, жаплар, насослар, қудықлар, суўғарыў қубырлары ҳәм жер асты суў шығарыў қудықларын хатлаўдан өткерип, оларды ағымдағы оңлаў, қайта тиклеў ҳәм тазалаў илажларын көрсин.

  1. Төмендегилер:

2022-2026-жылларда район (қала)лық абаданластырыў басқармалары қарамағындағы көклемзарластырыў аймақларына суўғарыў системаларын ҳәм суў шығарыў қудықларын шөлкемлестириў бойынша бағдарлама 3-қосымшаға муўапық;

2022-2026-жылларда район (қала)лық абаданластырыў басқармаларын арнаўлы техника ҳәм механизмлер менен тәмийинлеў параметрлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Онда, усы арнаўлы техника ҳәм механизмлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-июньдеги ПҚ-4351-санлы қарары менен тастыйықланған 2020-2024-жыллар дәўиринде район (қала)лық абаданластырыў басқармаларын арнаўлы техника ҳәм механизмлер менен тәмийинлеўдиң жыйнақланған параметрлерине қосымша түрде ажыратылады.

Бас министрдиң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, зәрүр жағдайларда, усы бәнт пенен тасыйықланған қосымшаларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң тийкарланған усынысларына муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

Усы бәнтте белгиленген илажлар 2022-жылда республика бюджетинен Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын ссуда қаржылары есабынан, 2023-жылдан баслап жергиликли бюджетлер есабынан әмелге асырылады.

  1. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң төмендеги усыныслары қоллап-қуўатлансын:

елатлы пунктлерде қараўсыз қалған тереклерди сақлаў ҳәм тәрбиялаў және  «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмәәтлик парклер»ди көклемзарластырыў, соның ишинде, олардың аймағында тереклерди егиў, сақлаў ҳәм тәрбиялаў жумысларына жумыссыз адамларды, биринши гезекте, «Темир дәптер»«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларды белсене тартыў;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорының қаржылары есабынан район (қала) ҳәкимликлериниң буйыртпаларына муўапық ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде нәл егиў илажларын қаржыландырыў.

  1. 2022-жыл 1-марттанбаслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

өсимликлер дүньясы объектлериниң мәмлекетлик кадастры қурамында республиканың барлық аймақларындағы ҳәм ҳәр қандай түрдеги тереклердиң есабын жүргизиў ҳәм оларды бириктириў ушын «Тереклер реестри» системасы енгизиледи;

юридикалық тәреплер ­ елатлы пункттеги имаратлар ҳәм қурылмалардың мүлк ийелери яки олардан пайдаланыўшылар, соның ишинде, ижараға алыўшылар өзине бириктирилген тереклерди сақлаў ҳәм тәрбиялаў ушын жуўапкер есапланады;

ҳәр бир юридикалық тәреп ­ елатлы пункттеги имаратлар ҳәм қурылмалардың мүлк ийеси ямаса олардан пайдаланыўшыға экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымы тәрепинен тутас аймақлардан келип шыққан ҳалда оған бириктирилетуғын барлық тереклер бойынша «Тереклер реестри»нен бирден-бир көширме бериледи;

тутас аймақлардағы бириктирилген тереклер бойынша «Тереклер реестри»нен көширме усы тереклер ҳәм олар жайласқан жер участкаларына ҳеш қандай ҳуқықты келтирип шығармайды.

  1. Мәмлекетлик экология комитети:

а) республикадағы мәмлекетлик тоғай   фондына кирмейтуғын тереклердиң толық санластырыў жолы менен хатлаўдан өткерилиўин төмендеги тәртипте тәмийинлесин:

2023-жыл 1-мартқа шекем ­ Ташкент қаласы, Ташкент, Самарқанд, Ферғана, Наманган, Әндижан ҳәм Жиззақ ўәлаятлары бойынша;

2023-жыл 1-сентябрьге шекем ­ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республиканың басқа ўәлаятлары бойынша.

Онда, Мәмлекетлик экология комитетине ушыўшысыз ушыў аппаратларынан (дронлардан) пайдаланыў ҳәм оларды төлемсиз ушырыў ҳуқықы бериледи;

б) юридикалық тәреплер ­ елатлы пункттеги имаратлар ҳәм қурылмалардың мүлк ийелери яки олардан пайдаланыўшыларға тутас аймақлардағы бириктирилген тереклер бойынша «Тереклер реестри»нен көширмелер берилиўин төмендеги тәртипте тәмийинлесин:

2023-жыл 1-сентябрьге шекем ­ Ташкент қаласы, Ташкент, Самарқанд, Ферғана, Наманган, Әндижан ҳәм Жиззақ ўәлаятлары бойынша;

2024-жыл 1-мартқа шекем ­ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республиканың басқа ўәлаятлары бойынша;

в) Кадастр агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте елатлы пункттеги имаратлар ҳәм қурылмалардың мүлк ийелери яки олардан пайдаланыўшыларға тутас аймақлардан келип шыққан ҳалда тереклерди бириктириў ҳәм «Тереклер реестри»нен көширме бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тасыйықлаў ушын киргизсин;

г) ҳәр жылы кеминде бир мәрте жаңадан егилген тереклерди бириктириў бойынша қосымша хатлаўларды әмелге асырсын ҳәм «Тереклер реестри»нен көширмелер берип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:

үш ай мүддетте өз аймақларындағы тереклердиң саны ҳәм түри ҳаққындағы мағлыўматларды Мәмлекетлик экология комитети тәрепинен белгиленетуғын форма тийкарында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларына берсин;

ҳәр шеректе бир мәрте, есап бериў шерегинен кейинги айдың 10-сәнесине шекем өзлери тәрепинен жаңадан егилген тереклер саны ҳәм түри бойынша мағлыўматларды Мәмлекетлик экология комитетиниң аймақлық бөлимлерине мәжбүрий тәртипте берип барсын.

  1. Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети 2023-жыл 1-сентябрьге шекеммәмлекетлик тоғай фондына киретуғын тереклердиң толық санластырыў жолы менен хатлаўданөткерилиўин тәмийинлесин ҳәм  хатлаў нәтийжелерин «Тереклер реестри» системасына киргизиў ушын Мәмлекетлик экология комитетине усынсын. Онда, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетине ушыўшысыз ушыў аппаратларынан (дронлардан) пайдаланыў ҳәм оларды төлемсиз ушырыў ҳуқықы бериледи.
  2. Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети жанында хожалық есабындағы «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасыҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы аймақлық кәрханаларышөлкемлестирилсин.

Төмендегилер «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

декоратив терек ҳәм путалықлардың нәллерин жетистириў бойынша қәнигелестирилген нәлханаларды шөлкемлестириў;

республикада «жасыл бағлар»ды көбейтиў;

суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланған ҳалда суўғарыў жумысларын әмелге асырыў;

терек атызларын тәрбиялаў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў жумысларын алып барыў;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў.

  1. Көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысын муўапықластырыў мақсетинде Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң орайлық аппаратында басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде көклемзарластырыў мәселелери бойынша баслықтың орынбасары ­ «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының директорылаўазымы ҳәм 5 штат бирлигинен ибарат Жасыл аймақларды раўажландырыў басқармасышөлкемлестирилсин.
  2. Усы пәрманға 1-қосымшаға тийкарланып «жасыл бағлар»ды шөлкемлестириў жумыслары бойынша:

жойбарлаўшы етип ­ «Тоғайжойбар» жойбарлаў институты;

жумысты бөлип алыўшы етип ­ «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм оның аймақлық кәрханалары белгиленсин.

  1. Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети:

бир ай мүддетте «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм оның аймақлық кәрханалары уставларының белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин;

турақлы түрде «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының буйыртпаларына муўапық шәртнама тийкарында өз системасындағы тоғай хожалықлары тәрепинен декоратив терек ҳәм путалықлардың жоқары сапалы нәллериниң жеткерип берилиўин тәмийинлесин;

еки ай мүддетте Тоғай хожалығын раўажландырыў қорының қосымша дәраматларын тартыў ҳәм  қосымша дәреклерден келип түсетуғын қаржыларды аймақларда «Жасыл бағлар» жаратыўға бағдарлаў бойынша тийкарланған усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тийисли халық депутатлары Кеңеслерине еки ҳәпте мүддеттеулыўма майданының 60 процентинде көклемзарластырыў объектлери бар болғандем алыў бағлары, парклер ҳәм тематикалық қыябанларға және оларды исенимли басқарыў ҳәм ижараға алған, инвестициялық миннетлемелерин белгиленген мүддетлерде әмелге асырып атырған ҳәм салық қарыздарлығы болмаған исбилерменлерге  усы жумыс түри бойынша юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ставкаларына азайтыўшы коэффициентлерди қолланыў мәселесин көрип шығыў ушын киргизсин.
  2. Усы пәрманға 22-бәнтте нәзерде тутылған субъектлер ушын Салық кодексиниң 414 ҳәм 428-статьяларына тийкарланып юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша жеңилликлер берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Мәмлекетлик экология комитети, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы кең жәмийетшилик, илимий-изертлеў институтлары ҳәм сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда:

а) 2022-жыл 1-майға шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Ташкент қаласы ­ жасыл майдан» идеясын өз ишине алған Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

2026-жылға шекем Ташкент қаласында көклемзарластырыў майданларын халықаралық стандартларға муўапық кеңейтиў ҳәм оны дүньяның жетекши жасыл қалаларынан бирине айландырыў;

биокөптүрлиликти сақлаў, тиклеў ҳәм көбейтиўдиң анық системасын жаратыў;

көклемзарластырыў бойынша қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша институционал базаны, соның ишинде, айрықша структураларды (жойбарлаў офислерин) қәлиплестириў;

халықтың көклемзарластырыў ислериндеги жумысын хошаметлеў механизмлерин енгизиў;

2022-2026-жылларда Ташкент қаласын көклемзарластырыў бағдарламасын тасыйықлаў;

б) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Ташкент қаласын көклемзарластырыў бойынша бас режени ислеп шықсын ҳәм оның белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Жасыл аймақларды раўажландырыў, көклемзарластырыў ҳәм нәл егиў жумысларын системалы шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Олий Мажлис палаталарына Мәмлекетлик экология комитетиниң мәлимлемеи тийкарында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын орынлаў бойыншааймақ басшыларының жумысына баҳа берип барыў усыныс етилсин.
  3. Мәмлекетлик экология комитети еки ай мүддетте:

Мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын тереклер ҳәм путалықларды егиў, тәрбиялаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин буннан былай да жетилистириў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Мәмлекетлик экология комитети менен биргеликте усы пәрманның әҳмийетин ҳәм оны әмелге асырыў барысын ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  2. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл 30-декабрь