Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-августтағы исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалры шеңберинде кредитлер ажыратыў механизмин әпиўайыластырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў, дәрамат дәрегин кеңейтиў ҳәм мийнет етиўин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл даўамында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары (кейинги орынларда – бағдарламалар) шеңберинде:

а) жойбарларды қаржыландырыў ушын мақсетли қорлар ҳәм Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда – қорлар) ресурслары коммерциялық баклерге жыллық 10 процент ставкада жайластырылады;

б) жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада:

шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған белгили бир жумыс пенен шуғылланыў ҳәм жумыс түрин кеңейтиў тилегин билдирген халық және исбилерменлик субъектлерине – 3 айдан 6 айға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке;

шарўашылық (қарамал, қой, ешки), балықшылық ҳәм қусшылық (мәйек жетистириў) ушын – 1 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке;

бағшылық, жүзимгершилик ҳәм лимон жетистириўди шөлкемлестириў, ыссыхана, аўыл хожалығы техникасын ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке;

«Өнермент» ассоцациясы ағзаларына өндирислик талаплар ушын әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат материалларын сатып алыў, өнерментшиликти раўажландырыў орайлары, «устаз-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў, үй-музейлери ҳәм устаханалар қурыў ямаса усы мақсетлерде имарат ҳәм объектлер сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги мүддетке және айланыс қаржыларын толтырыў ушын 18 айға шекемги мүддетке ажыратылады;

в) кредитлер мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшисиниң (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшиси) өзине бириктирилген мәҳәлледе жасап атырған (жайласқан) қарыз алыўшыға беретуғын усыныс тийкарында ажыратылады;

г) шарўашылықты раўажландырыў бағдарында кредитлер тийкарғы түрде кеминде 10 нан 50 басқа шекемги шеттен келтирилген нәсилли шарўа малларын (қарамал, қой, ешки) бағыў ушын киши фермаларды шөлкемлестириўге бериледи;

д) «жетекши» исбилерменлик субъектлерине дийқан хожалықлары жер майданлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде аўыл хожалығы өнимлерин кооперация тийкарында жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлерди сатып алыў ушын айланыс қаржыларды толтырыўға кредитлер ажыратылады.

  1. «Агробанк» АКБ «Халқ банки» ҳәм «Микрокредитбанк» АКБ (кейинги орынларда – ўәкилликли коммерциялық банклер) 2022-жыл 1-марттан бағдарламалар бойынша кредитлердиң толық санласқан ҳалда Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларының Бирден-бир электрон платформасы (кейинги орынларда – Бирден-бир электрон платформа) арқалы ажыратылыўын тәмийинлесин. Онда:

кредит алыў ушын арзалар барлық басқышыларда онлайн түрде көрип шығылады ҳәм ҳәр бир басқышта қабыл етилген қарар ҳаққында Бирден-бир электрон платформа (СМС-хабарнама, электрон почта ямаса жеке кабинет) арқалы мағлыўмат берип барылады;

кредит қаржыларын ажыратыў бойынша ҳүжжетлер электрон көринисте қәлиплестириледи ҳәм аралықтан қол қойылады;

кредит алыў ушын арзалар аралықтан қарыз алыўшы тәрепинен еркин түрде ямаса тийисли мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен бериледи;

Бирден-бир электрон платформа арқалы халыққа өзин-өзи бәнт етиў ушын кредитлер белгиленген нормалар тийкарында скоринг баҳалаў нәтийжелерине бола, автоматластырылған ҳалда ажыратылады;

ажыратылған кредитлер есабынан товар ҳәм хызметлерди базар принциплери тийкарында еркин сатып алыў ямаса сатыў Бирден-бир электрон платформада жаратылған «маркетплейс» системасы жәрдеминде әмелге асырылады;

өз өнимлери менен хызметлерин сатыў бойынша усыныслар әсбап-үскенелер ҳәм өнимлер жеткерип бериўши (жумысты орынлаўшы) шөлкемлер (кейинги орынларда – тәмийнатшылар) тәрепинен «маркетплейс» системасында еркин жайластырылады;

тәмийнатшылар тәрепинен көрсетилген хызметлер пайдаланыўшылар тәрепинен баҳаланады ҳәм олардың рейтинги автоматикалық түрде қәлиплестириледи;

тәмийнатшылардың өз миннетлемелерин өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўы бойынша мониторинг район (қала)лық шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайлары тәрепинен әмелге асырылады. Мониторинг нәтийжелерине бола, тәмийнатшылардың «маркетплейс» системасындағы өз хызметлерин усыныс етиў имканияты  дәўирлик түрде үйренип шығылады;

кредитлер қарыз алыўшыға ол тәрепинен еркин таңланған тәмийнатшы менен дүзилген шәртнама тийкарында келисилген баҳада өним жеткерип берилгенинен (жумыс орынланғанынан) ҳәм қарыз алыўшы тәрепинен қабыл етип алынғаннан соң және ҳәким жәрдемшиси тәрепинен өткерилген мониторинг нәтийжесине бола, қарыз алыўшыны идентификациялаў арқалы тәмийнатшыға өткерип бериледи;

ҳәким жәрдемшилери өзине бириктирилген мәҳәллелерде бағдарламалар шеңберинде ажыратылған кредитлерден мақсетли пайдаланалыўын ҳәм олардың нәтийжелилигин мониторинг етип барады және кредитлердиң өз ўақтында қайтарылыўы бойынша сектор басшылары ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте тийисли илажларды көреди.

  1. Орайлық банк Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:

бир ай мүддетте Бирден-бир электрон платформадан пайдаланыў, соның ишинде, кредитлерди ажыратыў, рәсмийлестириў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өз-ара электрон бирге ислесиўин тәртипке салыўды нәзерде тутатуғынын тийисли реже жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

2022-жыл 1-февральға шекем Бирден-бир электрон платформа Ишки ислер министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, коммерциялық банклер ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.

  1. Аўыл хожалығы министрлигине Ветеранария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өнермент», «Өзтоқымашылықсанаат», «Өзбылғарысанаат», «Қусшылықсанаат», «Өзбекстан пал ҳәррешилери», «Лимон жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоцациялары ҳәм басқа да ассоцациялар, тийисли уйымлар менен биргеликте «маркетплейс» системасында тәмийнатшы кәрханалар арасында бәсеки орталығын қәлиплестириў және усыныс етилип атырған товар ҳәм хызметлердиң қолайлы баҳада ҳәм сапалы жеткерилип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде усы системаға усыныслардың исенимли (үлгили) тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен киргизип барылыўын, әсбап-үскенелер ҳәм көрсетилип атырған хызметлер тәрепинен киргизип барылыўын, әсбап-үскенелер ҳәм көрсетилип атырған хызметлер түри ҳәм қуўатлықлары жетерлише болыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
  2. Бағдараламалар шеңберинде кредитлер тийкарғы түрде «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға өзин-өзи дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў ямаса олардың турақлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеўге (жумыс орынларын жаратыўға) қаратылған жойбарларға ажыратылатуғыны;

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға кредит ажыратылыўы оларды бул дизимнен шығарыў ушын тийкар болып есапланбайтуғыны ҳәм пуқаралар усы дәптерлерден ҳәким жәрлемшиси, районлық мәмлекетлик салық инспекциясы ҳәм тийисли сектор басшылары тәрепинен пуқараның оған ажыратылған кредит есабынан әмелге асырған жумысынан турақлы ҳәм белгили дәрамат дәрегин қәлиплестиргенин үйрениў арқалы берилетуғын усыныс тийкарында шығарылатуғыны;

бағдарламалар шеңберинде бурын ажыратылған кредит қаржылары бойынша қарыздарлығы толық сөндирилмеген, сондай-ақ, бурын ажыратылған кредитлерден мақсетсиз пайдаланған қарыз алыўшыларға бул бағдарламалар арқалы жаңа кредит ажыратылыўына руқсат етилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Саўда-санаат палатасына коммерциялық банклер менен биргеликте район ҳәм қалаларда нәтийжелилиги жоқары ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарлардың бизнес-режелерин Бирден-бир электрон платформаға жайластырып барыў усыныс етилсин.
  2. Мәмлекетлик салық комитети, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте бағдарламалар шеңберинде жумыссыз пуқараның өзине ажыратылған кредит есабынан әмелге асырған жумысынан турақлы дәрамат дәрегин қәлиплестиргенин үйрениў арқалы нызамшылықта белгиленген тәртипте бул пуқара өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  3. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры бағдарламалар шеңберинде жойбарларды қаржыландырыў ушын:

а) еки ай мүддетте «Агробанк» АКБге ажарытлған 2,9 триллион сум ҳәм «Микрокредитбанк» АКБға ажыратылған 1,3 триллион сум муғдарындағы ресурсларды усы банклердиң устав капиталын арттырыўға бағдарласын. Онда:

«Агробанк» АКБ ҳәм «Микрокредитбанк» АКБның устав капиталын арттырыўға қаратылған қаржылар есабынан шығарылған акциялар тиккелей Қаржы министрлигиниң атына рәсмийлестириледи;

Қаржы министрлигиниң усы бәнт шеңберинде коммерциялық банклердиң 50 процент ҳәм оннан артық акцияларына ийелик етиўге кирисиўи жаңадан сатып алынған акцияларға ийе болыў деп есапланбайды;

б) ўәкилликли банклерге бағдарлама координаторларының бөлистириўине муўапық 3,65 триллион сум муғдарындағы кредит ресурслары 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм коммерциялық банклердиң бағдарламалары шеңберинде Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының есабынан коммерциялық банклерге бағшылық, жүзимгершилик ҳәм лимон жетистириўди шөлкемлестириў ушын ажыратылған ресурсларды усы Қорға қайтарыў графиклерин усы бағдарларға ажыратылған кредитлер мүддетине сәйкес түрде создырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. 2022-жылы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жойбарларды қаржыландырыўдың дәреклер ҳәм аймақлар кесиминдеги мақсетли параметрлери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықласын.

Төмендегилерге:

экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев, Орайлық банк баслығының орынбасары А.А.Камалов, қаржы министриниң орынбасары Д.Ш.Султановқа (кейинги орынларда – Бағдарлама координаторлары) – ҳақыйқый талаптан және қаржыландырыў усыныс етилип атырған жойбарлардың перспективалы ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыўға қаратылғанынан келип шыққан ҳалда, ажыратылып атырған қаржыларды ўәкилликли коммерциялық банклер ҳәм ўәлаятлар кесиминде оператив бөлистириў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайларына – бағдарламалар шеңберинде аймаққа ажыратылған қаржыларды ҳәр бир мәҳәлледе әмелге асырылып атырған жойбарлардың перспективалы ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыўға қаратылғанынан келип шығып, район (қала) ҳәм мәҳәлле (аўыл) кесиминде бөлистириў ўәкиллиги берилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери және сектор басшылары коммерциялық банклер менен биргеликте бағдарламалар бойынша ажыратылған кредитлердиң оларды сөндириў графигине муўапық белгиленген мүддетлерде қайтарылыўына жуўапкер болып есапланатуғыны;

аймақларда ҳәр айлық кредитлеў көлемлери кредитлерди сөндириў графиги орынланыўының орынланбаған муғдарына сәйкес түрде азайтылатуғыны белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

усы қарарға тийкарланып ҳәр бир аймақта  шарўашылық ушын ажыратылатуғын кредитлерге пропорциональ түрде шарўа маллары ушын азықлық егинлер егиўге мөлшерленген жер майданларының, сондай-ақ, оларды отлатыўға мөлшерленген жайлаўлардың турақлы түрде ашық электрон таңлаўға шығарып барылыўын тәмийинлесин;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте келеси еки жылда «Әндижан тәжирийбеси» тийкарында барлық мәҳәллелерде исбилерменлик субъектлери ҳәм шаңарақлар арасында экономикалық кооперацияны кеңейтиў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәрамат дәрегин кеңейтиўге қаратылған илажларды әмелге асырсын.

Онда, пуқаралар менен кооперация тийкарында жумысын шөлкемлестиретуғын «жетекши» исбилерменлик субъектлерине бағдарламалар шеңберинде кредитлер ажыратылады, бул исбилерменлик субъектлери менен кооперация тийкарында ислеп атырған пуқараларға бағдарламалар шеңберинде кредит ажыратыўға жол қойылмайды.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 20-декабрь