Қытайдың ең кексе пуқарасы Алимхан Сейти 135 жасында қайтыс болды. Бул ҳаққында «The Economic Times» хабар бермекте.

«Қытайдың ең кексе пуқарасы Алимхан Сейти 16-декабрь күни 135 жасында  Қашқарда қайтыс болды», – делинеди хабарда.

Басылымның атап өтиўинше, Алимхан Сейти 1886-жылы 25-июньде Қашқар префектурасы, Янгишар уезди, Кумушерик аўылында туўылған.

Кумушерикте 90 жастан асқан оғада көп адамлар жасайды. Соның ушын ол «узақ өмир сүриўшилер қаласы» атамасын алған.

Басылымның атап өтиўинше, ҳаялдың өлимине шекем оғада әпиўайы турмыс кеширген. Ол қосық айтыўды ҳәм ҳәўлисинде қуяшта тапланғанды жақсы көрген, турақлы котериңки кейпиятта болып, күлип жүрген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги