Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қыйтақ жер хожалықларында өним жетистириўди көбейтиў арқалы халықтың дәраматын арттырыў, ишки базарды азық-аўқат өнимлери менен толықтырыў, қыйтақ жерде жетистирилген өнимлерди кепилликли сатып алыў системасын жаратыў, сондай-ақ, ҳәр бир районда қыйтақ жер ийелери ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында кооперация байланысларын раўажландырыў мақсетинде:

  1. Қыйтақ жерде өним жетистириўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан 100 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қарыз қаржылары төмендеги басқышларда Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорына (кейинги орынларда – Қор) миллий валютада 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 9 жыл мүддетке жыллық 2 процент ставкада бағдарлансын:

1-басқышта – 50 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қаржылар 2022-жыл 1-январьға шекем;

2-басқышта – 50 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қаржылар 1-басқыш қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигиниң нәтийжелерине бола 2022-жыл 1-июньға шекем.

  1. Усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген қаржылар коммерциялық банклерге ресурс сыпатында бағдарланған ҳалда, қыйтақ жер ийелериниң жойбарларын кредитлеў ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларында белгиленген шәртлер тийкарында:

а) қыйтақ жер ийелерине:

қағыйда тәризинде, 100 бас қус, 5-10 бас түйетаўық, 20 бас қоян, 5-6 бас қой ҳәм ешки, 5 пал-ҳәррелериниң уясы, интенсив усылда балық бағыўды жолға қойыў, сондай-ақ, ықшам ыссыханалар, «атыз дүканларын» қурыў, артезиан қудықларын қазыў;

киши интенсив бағшылық, лимон жетистириў ҳәм жүзим жетистириў;

палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм мийўе-овощ жетистириў ушын кредит ажыратылады;

б) исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшисиниң (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшиси) усынысы бойынша «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖларға туқымгершилик ҳәм нәл, мотокультиватор  ҳәм минитрактор, инкубатор сатып алыў ҳәм айланыс қаржы ушын 300 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады.

Онда, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖларға берилетуғын кредитлер бойынша Қордың қаржылары гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етиледи;

в) жетекши исбилерменлик субъектлерин халықтың қыйтақ жерлеринде аўыл хожалығы өнимлерин кооперация тийкарында жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлерди сатып алыў ушын айланыс қаржыларын толтырыўға кредитлер ажыратылады.

  1. Қор тәрепинен 2026-жыл 1-январьға шекем:

қыйтақ жерде жетистирилген өнимлерди кепилликли сатып алыў мақсетинде қыйтақ жер ийелери менен кооперация тийкарында жумыс шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине қоймаханаларды үскенелеў, сондай-ақ, кептириў, таңлап алыў ҳәм қадақлаў үскенелерин сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ 150 миллион сумнан аслам болмаған көлемде субсидия берилетуғыны;

суў тәмийнаты аўыр қыйтақ жер ийелери ҳәм пайдаланыўдан шыққан майданларды суўғарыў ушын вертикаль суўғарыў қудықларын бураўлаў, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў объектлеринен суў шығарыў үскенелерин сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби әмел ететуғыны.

Онда:

усы бәнтте белгиленип атырған илажлар ушын 2022-жыл Қорға Мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум ажыратылатуғыны;

суў тәмийнаты аўыр қыйтақ жер ийелери ҳәм пайдаланыўдан шыққан майданларды суўғарыў ушын вертикаль суўғарыў қудықларын бураўлаў, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў объектлеринен суў шығарыў үскенелерин сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 2026-жыл 1-январьға шекем ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен Қорға қаржы бағдарланатуғыны;

қоймаханаларды үскенелеў, сатып алынып атырған кептириў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў үскенелери бойынша Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарларды ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» МУК тәрепинен шешим берилетуғыны белгиленсин.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте қыйтақ жер ийелери менен кооперация тийкарында жумыс шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине қоймаханаларды үскенелеў, сондай-ақ, кептириў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў үскенелерин сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегине субсидия ажыратыў тәртибин тастыйықласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың ҳәкимлерине ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте төмендеги жаңа ўазыйпалар жүкленсин:

қыйтақ жер хожалықлары менен агросанаат кластерлери, таярлаў, қайта ислеў ҳәм экспортёр кәрханаларды тартқан ҳалда кооперация байланысларын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў;

халықтың шаңарақларында, қағыйда тәризинде 100 бас қус, 5-10 бас түйетаўық, 20 бас қоян, 5-6 қой ҳәм ешки, 5 пал-ҳәррелериниң уясын бағыўды шөлкемлестириў;

өним жеткерип бериўши ҳәм хызметлер көрсетиўши шөлкемлердиң дизимин қәлиплестирген ҳалда, орынларда «тарқатыў ҳәм өнимлерди жыйнап алыў бойынша мобиль хызметлер»диң жумысын жолға қойыў;

«шаңарақ кесиминде» жумыс ислеў тийкарында аймақлардың топырақ-климат шараяты ҳәм аймақ халқының тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда қыйтақ жер хожалықларын «Бир мәҳәлле – бир өним»  принципи тийкарында өним жетистириўге қәнигелестириў;

ҳәр бир мәҳәлледе кооперация тийкарында қус, қояншылық, қой-ешки бағыў, пал-ҳәррешилик ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен шуғылланыў тилегин билдирген жетекши исбилерменлерди анықлаў.

  1. Төмендегилер:

2022-жылы жумысы кластер усылында шөлкемлестирилетуғын «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлар дизими 1-қосымшаға муўапық;

2022-жылы суў тәмийнаты аўыр аймақлардағы халықтың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын вертикаль суўғарыў қудықларын иске қосыў прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери жанындағы Фермер хожалықларында бухгалтериялық есап ҳәм есабатты жүргизиў орайларының штатлары шеңберинде халықтың шаңарақларында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша бир агроном штаты шөлкемлестирилсин.
  2. «Агробанк» АКБ жеке қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2022-жыл 1-апрельге шекем физикалық тәреплер ушын мөлшерленген, халықтың қыйтақ жерлеринде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша онлайн мәсләҳәтлер көрсететуғын арнаўлы платформаны иске қоссын.

Онда, «Агробанк» АКБның платформаға жалғаныў ҳәм хызметлерден пайдаланыўды бийпул етип белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Ҳәр бир районда Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм басқа да мәпдар уйымлардың жуўапкер хызметкерлеринен ибарат (мийнет ҳақы сақланған ҳалда) шаңарақларда қусшылықты жолға қойыў бойынша юридикалық тәреп статусына ийе болмаған турақлы жойбарлаў офиси шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов), Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Б.Т.Норқобилов), «Қуссанаат» ассоциациясы (Б.И.Исаев), мәпдар уйымлар менен биргеликте:

бир ай мүддетте шаңарақларда қусшылықты жолға қойыў бойынша жойбарлаў офислерин шөлкемлестириў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте аймақтың талабынан келип шығып, үй қусларының нәсилшилиги кәрханаларын шөлкемлестирсин;

2022-жылы орынлардағы талапты үйренип ҳәм аймақлардың климат шараятынан келип шығып, Қытай, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлерден үй қусының мәйеклерин алып келиў ҳәм халыққа тарқатыў илажларын көрсин.

  1. Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте усы қарар шеңберинде ажыратылған кредит ресурслары есабынан турақлы дәрамат дәрегине ийе болған пуқараларға нызамшылықта белгиленген тәртипте өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиўине жәрдемлессин.
  2. Ҳәким жәрдемшилерине районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, қыйтақ жер ийелери, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлери менен бирге ислесиўин жолға қойған ҳалда төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

үйме-үй жүриў арқалы қыйтақ жер ийелериниң жер участкаларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды, соның ишинде, жерди таярлаў, туқым, нәл ҳәм тереклер егиў, ыссыханалар қурыў, мал ҳәм қусларды көбейтиў жағдайын, усы қарар шеңберинде қыйтақ жер ийелери, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлерине ажыратылған кредитлердиң мақсетли жумсалыўын, сондай-ақ,  бул шахслар арасындағы шәртнама қатнасықларына әмел етиўин күнделикли мониторинг етип барыў;

қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, халықтың қыйтақ жерлерин хызметлер менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, өнимлерди экспорт етиў имканиятларын буннан былай да көбейтиў.

  1. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М. Ғаниев, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери менен биргеликте қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша жумысларды мәнзилли шөлкемлестирсин;

бир ай мүддетте қыйтақ жер ийелери ҳәм кооперацияларын өним шығарыўдың жаңа технологияларын үйретиў, кооперация ағзаларының жерлеринде агротехникалық илажлар мониторингин өткериў, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң сыртқы базарларда маркетинг изертлеўлерин өткериў бойынша реже ислеп шықсын;

бир ай мүддетте қыйтақ жерлерде киши интенсив бағшылық, лимон жетистириў ҳәм жүзим жетистириў, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша үлгили технологиялық карталарды, қус, қоян, қой ҳәм ешки, пал-ҳәррелериниң уялары, интенсив усылда балық бағыў, сондай-ақ, ықшам ыссыханалар шөлкемлестириў бойынша технологиялық усынысларды ислеп шықсын ҳәм усы бағдарларда интернет тармағы арқалы онлайн мәсләҳәт берип барылыўын жолға қойсын. Коммерциялық банклер кредитти рәсмийлестириў процесинде қарыз алыўшылардың ҳақыйқый талабын анықлаў ҳәм кредитти қайтарыў мүддетлерин белгилеўде технологиялық карта ҳәм усынысларын есапқа алсын;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Б.Т.Норқобилов), «Өзбекшарўанәсил» агентлиги (Б.Т.Атамуратов), «Қуссанаат» ассоциациясы (Б.И.Исаев) менен биргеликте бир ай мүддетте ҳәр бир районда ветеринария хызметлерин көрсетиў ҳәм от-жем тарқатыў, халықты оқытыў орайларын шөлкемлестирсин;

в) Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов), Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (А.Э.Бурханов), Есап палатасы (Б.Т.Турабов) усы қарар шеңберинде ажыратылып атырған қаржылардың ашық-айдынлық принципи тийкарында мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын ҳәм ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте «Өзбекстан 24» ҳәм «Мәҳәлле» телеканалларында қыйтақ жер хожалықларында ашық ҳәм жабық усылда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бағдарында халықтың билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған телекөрсетиўлердиң көрсетилиўин системалы шөлкемлестирсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте ҳәр бир аймақта ашық ҳәм жабық усылда овощ өнимлерин жетистириў ҳәм олардың экспортын раўажландырыў мақсетинде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жойбарлардың санын көбейтиў ушын мәҳәллелерде презентациялар ҳәм семинарлардың өткерилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң кеңеси Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң директоры Х.М.Каримов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 16-декабрь