Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-декабрь күни хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Усы жыл 11-майда мәмлекетимиз басшысының «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Онда бул тараўды әҳмийетли драйверге айландырыў ҳәм 2023-жылға шекем хызметлер көлемин еки есеге арттырыў белгиленди.
30-сентябрьде және бир әҳмийетли ҳүжжет «Хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилип, пандемия дәўиринде улыўма аўқатланыў, саўда, туризм, транспорт тараўлары ушын берилген жеңилликлер мүддети созылды. Исбилерменлер менен ушырасыўларда айтылған машқалалар шешилди.
Быйылғы жылда жәми 18 триллион сумлық 29 мың жойбар әмелге асырылып, хызметлер тараўы 20 процентке өскен. Лекин, 5 район ҳәм қалада өсиў пәти төмен болған. Улыўма, орынларда халыққа хызмет көрсетиў дәрежеси төменлигинше қалмақта.
Сонлықтан мәжилисте хызметлер тараўын кең раўажландырыў, пайдаланылмай атырған имканиятларды иске қосыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда ҳәр бир аймаққа айрықша итибар бериў зәрүрлигин атап өтип, анық мысаллар келтирди. Район ҳәм қалалардағы халықтың саны, географиялық жайласыўы, экономикалық потенциалынан келип шығып, 3 бағдар белгиленди.
Биринши бағдар хызметлер тараўын 158 районда раўажландырыў.
Атап айтқанда, туристлик орынлары бар 45 ҳәм таўлы аймақтағы 40 районда туризм хызметлери көбейтиледи.
Мәселен, Шаҳрисабз районының Наўрыз, Мираки, Ақдәрья ҳәм Ҳисор аўылларына жылына 500 мыңға шамалас саяхатшылар келеди. Егер усы аймақтағы 65 километр жол оңланып, интернет ҳәм мобиль байланыс жақсыланса, хызметлер көлеми 3-4 есеге артыўы мүмкин. Нәтийжеде мийман үйлери, саўда ҳәм аўқатланыў шақапшалары ашылып, қосымша жумыс орынлары пайда болады.
Мәмлекетимиз басшысы бундай районларды зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеп, жерлерди таяр жойбар менен аукционға шығарыў зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, туризм тараўы ушын арнаўлы салық режимин енгизиў, мийман үйлери ушын жеңилликли кредитлер ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Атап өтилгениндей, санааты раўажланған 27 районда саўда, улыўма аўқатланыў, логистика, мийманхана ҳәм кеўил ашар орынлардың хызметлерине үстинлик бериледи.
Аўыл хожалығында дәрамат жоқары болған районларда улыўма хызметлер менен бирге, заманагөй агрохызметлер раўажландырылады.
Мәселен, Қамашы районында Агрохызметлер орайы, жеке меншик ветеринария кәрханалары шөлкемлестириледи. Район орайында 200 тонналық суўытқышқа ийе «Экобазар» қурылады ҳәм мың жумыс орны жаратылады.
Район ҳәкимлерине Қамашы мысалында усындай бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәлим болғанындай, келеси жылы 21 районда 10 мың шаңарақ ушын «Жаңа Өзбекстан» массивлери, мектеп, бағша ҳәм медицина мәкемелери қурылады. Бул да сервис ҳәм саўданы раўажландырыў ушын жүдә үлкен имканият екени атап өтилди.
Шегара алдында жайласқан 25 ҳәм халықаралық автомагистраль ҳәм темир жол өткен 100 район саўда ҳәм логистика хызметлерин көрсетиўге қәнигелестириледи. Сонлықтан жуўапкер хызметкерлерге жол бойы хызметлерин раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў, қоңсы мәмлекетлер менен шегара пунктлери ҳәм оларға баратуғын жолларда сервис инфраструктурасын түпкиликли жақсылаў бойынша көрсетпелер берилди.
Улыўма, усы 158 районда хызмет көрсетиў тараўында 300 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Екинши бағдарда 29 орта ҳәм ири қала және халқы 300 мыңнан көп 6 районда заманагөй базар хызметлери раўажландырылады.
Бул бағдарда көп қабатлы жайлардың биринши қабатынан нәтийжели пайдаланыў, жеңил конструкциялы объектлер ушын жер участкаларын аукционға шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қалаларда көпшилик мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде орынлар жетиспей атырғаны сыр емес. Сонлықтан жеке меншик билимлендириў хызметлериниң қамтып алыўын кеңейтиў, мектеп ҳәм бақша қурыў ушын жер майданларын ажыратыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ташкент ўәлаяты тәжирийбеси негизинде ҳәр бир ўәлаятта жасларды заманагөй хызметлерге оқытатуғын 85-академиялар шөлкемлестириў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.
Улыўма, бул 35 қала ҳәм районда хызмет көрсетиў тараўында 200 мың жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Үшинши бағдарға бола, Ташкент, Самарқанд ҳәм Наманган қалаларында жоқары дәраматлы хызметлерди раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи.
Мысал ушын, пайтахтымыздың Сергели районындағы жер үсти метросы әтирапында саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 5 мың жумыс орнын жаратыў имканияты бар. Яки сүўретшилик, мүсиншилик, өнерментшилик өнимлери сатылатуғын «санаат көшелери»н шөлкемлестириў мүмкин.
Жуўаплы хызметкерлерге музейлердиң жумысын жақсылаў, көргизбелерин кеңейтиў ҳәм туристлер ушын жаңа бағдарлар ашыў бойынша көрсетпе берилди.
Және бир мәселе Ташкент, Самарқанд, Бухара сыяқлы ири қалаларда «Такс фри» системасын енгизиў, қала ишинде «Дюти фри» дүканларын ашыў арқалы усақлап сатыў көлемин және де арттырыў мүмкин. Сонлықтан сырт елли мийманларға сатып алғаны ушын қосымша қун салығын қайтарып бериў системасын барлық туристлик қалаларда жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.
Улыўма, Ташкент, Наманган ҳәм Самарқанд қалаларында хызмет көрсетиў тараўында 750 мың жумыс орнын шөлкемлестириў режелестирилген.
Келеси жылда хызмет көрсетиў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўға 500 миллион доллар ажыратылыўы белгиленди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер қәнигелердиң мәлимлемеси тыңланды.
ӨзА