Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Ипотека кредити базарын және де раўажландырыў, халықтың турақ жайға болған жоқары талабын қанаатландырыў, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан субсидиялар бериў жумысларын даўам еттириў, жеке меншик бөлип алып ислеўши шөлкемлерди заманагөй көп қабатлы жайлардың қурылысына кеңнен тартыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-32-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2021-жыл 10-декабрьден баслап базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби шеңберинде:
дәраматы жоқары болмаған ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж пуқараларға Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар төлеўде квартира майданының ең көп нормасын белгилеў әмелияты бийкар етилетуғыны;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен ҳәр жылы бир қарыз алыўшыға ажыратылатуғын ипотека кредитиниң ең көп муғдары ҳәм дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия муғдары тастыйықланатуғыны;
Субсидия усыныў ҳаққындағы хабарнаманы алған шахслар ипотека кредити бойынша басланғыш төлемниң турақ жай баҳасының кеминде 5 процентине тең болған бөлегин өз қаржылары есабынан қәлиплестирилетуғыны;
Сатып алынатуғын квартираның жайласыўы, баҳасы ҳәм майданға қарамастан, дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар – қатаң белгиленген 32 миллион сум муғдарында, процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар – биринши бес жыл даўамында 10 процентлик пунктттен артқан бөлегине төленетуғыны;
дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар сатып алынып атырған квартираның баҳасы ипотека кредитиниң ең көп муғдарынан артқан жағдайда да төленетуғыны. Бунда, сатып алынатуғын квартираның баҳасы ипотека кредитиниң ең көп муғдарынан артқан жағдайда, баҳаның қалған бөлеги қарыз алыўшы тәрепинен өз қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан дәслепки төлем суммасын арттырыў арқалы төленетуғыны;
пуқараларға ипотека кредитин алыўда, биргеликте қарыз алыўшы сыпатында олар менен бирге жасамай атырған ҳәм жақын туўысқаны болмаған басқа шахсларды да тартыў ҳуқықы берилетуғыны;
Қаржы министрлигиниң ресурслары коммерциялық банклерге тиккелей ямаса «Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» АЖ арқалы жайластырылатуғыны;
Коммерциялық банклерге қарыз алыўшы тәрепинен төленген дәслепки төлем муғдары оның қарыз жүгиниң көрсеткиши, жеңилликли дәўир мүддетти ҳәм басқа да көрсеткишлерден келип шығып, субсидиясыз ажыратылған ипотека кредитлери бойынша дифференцияластырылған процент ставкаларын орнатыў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
2022-жылы квартилар сатып алыў ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар қурыў және реконструкциялаў ушын ипотека кредитлери ажыратыўдың мақсетли көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-жылы ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
2022-жыл ушын бир қарыз алыўшыға ажыратылатуғын ипотека кредитиниң ең көп муғдары ҳәм дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын қатаң белгиленген субсидия муғдары 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлери Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жергиликли бюджет дәраматларының арттырып орнатылған бөлеги есабынан усы пәрман менен тийисли аймақ ушын белгиленген ипотека кредитлери ҳәм субсидиялардың санын арттырыўға руқсат берилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) көп қабатлы турақ жайлар қурыў ушын жер участкаларын ижараға бериў бойынша өткерилген электрон онлайн-аукцион жеңимпазларына лот баҳасының 30 процентин аукцион жуўмақланған күннен баслап бес жумыс күнинен кешиктирмей, қалған бөлегин 12 ай даўамында тең муғдарда процентсиз бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы бериледи;
б) 2022-жыл 1-январьдан баслап жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге мәмлекетлик дизимнен өткерилген қурылысы тамамланбаған, төбесин жабыў жумыслары орынланған көп квартиралы турақ жайларды крелит тәмийнаты сыпатында гиреўге бериўге руқсат етиледи;
в) 2023-жыл 1-январьға шекем:
цемент өними (СЭЖ ТН коди 2523) ҳәм энергия үнемлеўши базальт қапламалары (СЭЖ ТН коди 6806 1000 08) импортында бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылады;
«Жаңа Өзбекстан» массивлеринде, сондай-ақ, алдынғы жылларда қурылған массивлерде ҳәм олардың бос турған жер участкаларында турақ жай қурыўшы шөлкемлер ушын цемент және металл прокатын сатыў бойынша өз алдына биржа саўдасы секциясы енгизиледи;
г) 2024-жыл январьға шекем дизими 4-қосымшада көрсетилген жаңа қурылыс ҳәм арнаўлы техникалар және жүк тасыў транспорт қураллары импортында бажыхана бажысы ҳәм утилизация жыйымының нольлик ставкасы қолланылады.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 1-майдағы ПҚ-4701-санлы қарары менен енгизилген жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң коммерциялық банклерден алған кредитлери бойынша Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен кепиллик ҳәм компенсация төлеў тәртиби 2022-жыл 31-декабрьге шекем созылсын.
Кепиллик ҳәм компенсациялар Ташкент қаласында – 9 ҳәм оннан жоқары, басқа қалаларда – 7 ҳәм оннан жоқары, аўыллық жерлерде – 5 ҳәм оннан жоқары қабатлы турақ жай қурылысы ушын ажыратылған ҳәм бир турақ жай ушын кредиттиң 10 миллиард сумнан аслам болмаған бөлеги бойынша берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Онда, кепиллик ҳәм компенсациялар қурылып атырған көп қабатлы турақ жайдағы улыўма квартиралар санының кеминде 70 процент майданы 70 квадрат метрден артпаған квартиралар қурғанда бериледи.
- а) 2021-жылы ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыўдың мақсетли параметрлери шеңберинде:
субсидия бериў ҳаққындағы хабарнаманы алыў бойынша арзалар 2021-жыл 20-декабрьге шекем қабыл етилетуғыны ҳәм 2021-жыл 25-декабрьге шекем көрип шығылатуғыны;
субсидия бериў ҳаққындағы хабарнамалар олар берилген ўақыттан баслап 12 ай даўамында әмел ететуғыны;
субсидия бериў ҳаққындағы хабарнаманы алған шахсларға ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар 2021-жыл 10-декабрьге шекем әмелдеги шәртлер ҳәм муғдарларда ажыратылатуғыны;
субсидиялар сатып алынып атырған квартираның майданы ҳәм баҳасы 2021-жыл ушын орнатылған квартира майданының ең көп нормасы ҳәм турақ жайдың есапланған баҳасынан артқан жағдайда да төленетуғыны. Бунда, сатып алынатуғын квартираның баҳасы турақ жайдың есапланған баҳасынан артып кеткен жағдайда, баҳаның қалған бөлеги қарыз алыўшы тәрепинен өз қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан төленетуғыны;
б) 2022-жыл ушын ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыўдың мақсетли параметрлери шеңберинде арзалар 2021-жыл 25-декабрьден баслап қабыл етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Қаржы министрлиги (Ишметов) Орайлық банк (Нурмуратов) ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Бобоев) менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, «мақсетли ипотека аманаты» механизмин енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Минитсрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жергиликли бюджет дәраматларының арттырып орынланған бөлеги және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан бирлемши ҳәм екилемши турақ жай базарында 5 қосымшаға муўапық 1000 квартира сатып алыў илажларын көрсин.
Усы бәнтке муўапық сатып алынған квартиралар турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған ҳаял-қызлар, майыплығы болған шахслар, жетим балалар ҳәм ата-анасынан айрылған балаларға белгиленген тәртипте ажыратылатуғыны белгиленсин.
8.Қурылыс министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2022-жылы пуқаралардың айрықша категориялары ушын 4000 квартирадан ибарат болған көп қабатлы турақ жайлар қурыў ҳәм бул жумыслар бойынша буйыртпашы етип «Ўзшаҳар қурилиш инвест» ИК ЖШЖны белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 2022-жылы пуқаралардың айрықша категориялары ушын көп қабатлы турақ жайлар қурыўдың тийкарғы параметрлерин және қурыў ушын ажыратылатуғын жер майданларының мәнзилли дизимин тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери:
а) бир ай мүддетте Ташкент қаласында кеминде 5, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда кеминде 2 ден ипотека хызметлерин көрсетиў орайларын шөлкемлестирсин;
б) бул орайларда:
турақ жайлардың қурылыўын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери, қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлар, олардағы квартиралардың саны, майданы, баҳасы ҳәм жайласыўы, кредит алыў мүмкин болған коммерциялық банклер ҳәм олар тәрепинен берилетуғын кретилердиң шәртлери ҳаққында мағлыўматлар берилетуғынын:
субсидия бериў ҳаққындағы хабарнамаларды бериў, турақ жай алды-саттысы ҳәм ипотека кредитиниң шәртнамаларын рәсмийлестириў, турақ жайға болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў хызметлери көрсетилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (Кўчимов) Қаржы министрлиги (Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Бобоев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте усы пәрманның мазмун ҳәм мәниси ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер етип Өзбекстан республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов ҳәм Ж.А.Қўчқоров, Қаржы министри Т.А.Ишметов ҳәм Қурылыс министри Б.И.Закиров Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 9-декабрь