Пайтахтымыздағы «Tashkent City Palace» мийманханасында 10-декабрь күни «Жоқары билимлендириў квалификацияларын тән алыў бойынша конвенцияны қабыл етиў ҳәм енгизиў ушын мәпдар тәреплердиң бирге ислесиўин беккемлеў» темасында экспертлер ушырасыўы болып өтти.

Ҳәммемизге белгили, жоқары билимлендириў тараўында қәнигеликти тән алыў – Азия-Тыныш океаны регионаллық конвенциясы (Токио Конвенциясы) енгизилген.

Бул ҳүжжет Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлеринде билимлендириў системасы, дәстүр ҳәм қәдриятларындағы ҳәр түрлиликти тән алған ҳалда, билимлендириўдиң сапасын избе-из арттырып барыў, регион пуқаралары, атап айтқанда, студент ҳәм оқытыўшыларға бар имканиятлардан пайдаланыўды жеңиллестириў мақсетин гөзлейди.

Өзбекстан Республикасы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм ЮНЕСКОның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы менен бирге шөлкемлестирилген әнжуманда Өзбекстанда Токио Конвенциясын қабыл етиў ҳәм енгизиўдиң нәтийжелилиги ҳәм ақыбети, ҳүжжетке ағза мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў жолындағы ўазыйпалар додаланды.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлериниң администрациясы, Япония, Россия мәмлекетлеринен келген қәнигелер, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жуўапкерлери қатнасты.

Жоқары билимлендириў квалификацияларын тән алыў бойынша конвенциялардың ратификацияланыўы елимизде сырт еллерде оқығаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў процесиниң жетилистирилиўине, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын маман кадрлар менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Улуғбек Тошкенбоев бул әнжуман Токия Конвенциясы квалификацияларды тән алыў бойынша теория ҳәм әмелиятты үйлестириў ушын кең имканият жарататуғыны, Азия ҳәм Тыныш океаны регионында студентлердиң еркин ҳәрекет етиўине жәрдем беретуғынын атап өтти.

– Миллий билимлендириў системасының халықаралық жәмийетшиликке интеграциясын, билим алыўшылар ҳәм профессор-оқытыўшылардың мобиллигин тәмийинлеў, сырт елде оқып атырған жасларымызды Ўатанға қайтыўындағы жасалма тосқынлықларды алып таслаў, тәжирийбелерди тән алыў системасын халықаралық стандарт тийкарында жетилистириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта, – деди У.Тошкенбоев. – Билимлендириўди тән алыў процеси әпиўайыластырылды. Нострификация түсинигинен ўаз кешилип, «тән алыў» әмелияты енгизилди. Сырт ел жоқары билимлендириў квалификацияларын тән алыў мүддети 30 күннен 10 күнге қысқартылғаны айрықша итибарға ылайық. Сондай-ақ, процесс санластырылып, мәмлекетлик хызметлер арқалы әмелге асырылыўы жолға қойылды.

Илаж даўамында халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары билимлендириў квалификацияларын тән алыў, сапа ҳәм мобилликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған Токио Конвенциясының әҳмийети, тийкарғы шәртлери ҳәм имканиятлары және ратификация процеси бойынша презентациялар қойып берилди.

Соның менен бирге, конвенцияға қосылыўға байланыслы миллий нызамшылықты жетилистириў, жол картасын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстанда Миллий мәлимлеме орайын шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды. Конвенцияға ағза сырт ел қәнигелери бул бағдардағы тәжирийбеси менен ортақласты.

– ЮНЕСКО Өзбекстандағы билимлендириў тараўының раўажландырылыўын турақлы қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин мәлим етемен, – деди шөлкемниң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Александрос Макаригакис. – Мениң пикиримше, билимлендириўдиң сапасын халықаралық стандартқа сай түрде арттырып барыў ушын оқытыўшыларды оқытыў системасына да итибар қаратыў зәрүр, Токио Конвенциясына қосылыў, ҳүжетти ратификациялаў процеси тек ғана бир шөлкем ямаса белгили бир пуқараларға байланыслы емес. Бул жолда мәмлекет ҳәм жәмийет биргеликте ҳәрекет етиўи мақсетке муўапық.

Конференция қатнасыўшылары елимизде халықаралық билимлендириў жәмийетшилигине жедел қосылыў бойынша әҳмийетли қәдемлер қойылып атырғаны, соның ишинде, жоқары билимлендириўде кредит-модуль системасының енгизилгени, процесс Европа билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў стандарты ҳәм қолланбасы (ESG) тийкарында жетилистирилип атырғанын атап өтти.

2018-жыл 1-февральдан күшке кирген Токио Конвенциясына ҳәзирги ўақытта 12 мәмлекет – Армения, Австралия, Қытай, Фижи, Ватикан, Япония, Манғолия, Жаңа Зеландия, Корея Республикасы, Россия ҳәм Түркия қосылған.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар квалификацияны тән алыў ушын Токио Конвенциясын енгизиўдиң пайдалы тәреплери ямаса пайда болыўы мүмкин болған машқалалар ҳаққында да түсиникке ийе болды, бул бағдардағы кейинги ўазыйпалар белгилеп алынды.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабыршысы