Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўға финанслық жәрдемлесиў, олардың дәраматлы мийнет пенен бәнтлиги тәмийинлеў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў системасын жаңа басқышқа алып шығыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў, республика, ўәлаят, район ҳәм қалаларда көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер ҳәм мәнзилли финанслық қоллап-қуўатлаў инструментлерин тиккелей мәҳәлле дәрежесине түсириў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-январьдан баслап ҳәр бир поселка, аўылда, сондай-ақ, қалалар, қалашалар ҳәм аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе (кейинги орынларда – мәҳәллелер) исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшиси (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшиси) лаўазымы шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер ҳәким жәрдемшилериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
мәҳәлледеги социаллық-экономикалық жағдайды шаңарақ кесиминде үйрениў, соның ишинде, халықтың бәнтлик дәрежесин, шаңарақлардың дәрамат дәреклерин, қыйтақ жерлерден пайдаланыў жағдайын ҳәм дәраматлы мийнетке болған умтылысы ҳәм талапларын таллаў;
мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыўдың ишки имканиятлары, исбилерменлик бойынша қәнигелесиў ҳәм мийнет ресурсларын есапқа алған ҳалда, оны раўажландырыўға түртки беретуғын факторлар ҳәм бағдарларды белгилеў, оларды иске қосыў арқалы мәҳәллениң экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў;
турақлы дәрамат дәрегине ийе болмаған ҳәм жумыссыз халықтың, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың қызығыўшылықларын үйрениў арқалы оларды кәсип өнер ҳәм исбилерменликке үйретиўши оқыў орайларына бағдарлаў ҳәм оқыўды тамамлаған питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериў;
мәҳәлледеги бос жумыс орынларын ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң мәўсимлик жумысшыларға болған талабын анықлаў арқалы жумыссызларды, биринши гезекте, «темир дәптер», «ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бос (вакант) жумыс орынларына жайластырыў ҳәм хақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў;
мәҳәлледе жасап атырған ҳалықтың шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, соның ишинде, олардың өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеў, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, киши өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм басқа түрдеги жумысты жолға қойыў ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредитлер алыўда жәрдемлесиў;
мәҳәллениң қәнигелесиўинен келип шығып, кооперация тийкарында исбилерменлик жумысты жолға қойыў тилегин билдирген жетекши исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер ажыратыўды шөлкемлестириў, оларға исбилерменлик пенен бийғәрез шуғылланыў тәжирийбесине ийе болмаған пуқараларды өз жумысын жолға қойыўы ушын оларға бириктириў;
халықтың қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў, үй шараятында дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал-ҳәррешилик, туқымгершилик, нәлшилик, гүлшилик сыяқлы жумыс түрлерин жолға қойыўға жәрдемлесиў;
мәҳәлледеги жумыс пенен бәнт болмаған халықтың исбилерменлик ҳәм турақлы дәрамат келтириўши жумыс пенен шуғылланыўын жолға қойыў мақсетинде оларға ыссыхана қурыў, қыйтақ жерин суўғарыў ушын вертикаль суўғарыў қудықларын бураўлаў, аўыл хожалығы кооперативине ағза болыў, әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў, имаратлардың ижара төлеми ҳәм кәсип өнер ҳәм исбилерменликке оқыўы ушын субсидиялар алыўда жәрдемлесиў;
мәҳәлледеги бос имарат ҳәм жер майданларын анықлап, оларды белгиленген тәртипте исбилерменлик субъектлерине ажыратыў бойынша тийисли шөлкемлерге усыныслар киргизиў;
исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған машқалалардың (инженерлик-коммуникация системаларына жалғаныў ҳәм олардан пайдаланыў, ҳәр қыйлы жумысты жолға қойыў ушын рухсатнамалар ҳәм лицензиялар алыў, бос имарат ҳәм жер майданларын исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын ажыратыў ҳәм басқалар) тийисли шөлкемлер тәрепинен шешилиўин шөлкемлестириў.
Барлық министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары ҳәким жәрдемшилерине олардың ўазыйпаларын әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериў ушын жеке жуўапкер есапланады.
- Төмендегилер:
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариати негизинде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик);
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша ўәкилликли офислери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалыр негизинде Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық басқармалары;
районлар ҳәм қалалардағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары негизинде район (қала) ҳәкимлериниң қурамында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери (кейинги орынларда – Орайлар) шөлкемлестирилсин.
Агентликке Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;
Агентлик жанында бир жыл мүддетке турақлы жумыс алып баратуғын «Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў штабы» шөлкемлестирилетуғыны;
Орайлық банк, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасы басшыларының тийисли орынбасарлары бир жыл мүддетке басқа да барлық ўазыйпаларды орынлаўдан азат етилген ҳалда «Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў штабы»на хызмет сапарына жиберилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары түринде ашылатуғын Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилсин.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигина Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын басқарыў ўазыйпасы жүкленсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, коммерциялық банклер, экономикалық ҳәм инвестициялық комплекслерге киретуғын басқа да уйымлар, олардың аймақлық бөлимлеринде бөлим (сектор) баслығынан төмен болмаған лаўазымда жумыс ислейтуғын басшы хызметкерлер, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимлердиң басшы хызметкерлери тайынланатуғыны;
ҳәким жәрдемшиси лаўазымына талабанлар тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң басшылығындағы таңлаў комиссиялары арқалы ашық таңлаўлар тийкарында жумысқа қабыл етилетуғыны;
талабанлардың умтылыўшанлығы, мақсетке бағдарланғаны, қәбилети, тәжирийбеси сыяқлы қәсийетлерди есапқа алған ҳалда исбилерменлер, басқа да тараў ўәкиллери, белсенди жаслар, басшылық лаўазымында жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм жоқары мағлыўматқа ийе болмаған пуқаралар да жумысқа қабыл етилиўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.
- Министрликлер, уйымлар, коммерциялық банклер, жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары басшыларына ҳәким жәрдемшилери лаўазымына тайынланған хызметкерлердиң алдынғы жумыс орнындағы лаўазымын еки жылға шекемги мүддетке сақлап қалыў, бул дәўирде усы лаўазымға басқа да шахсларды мүддетли мийнет шәртнамасы тийкарында ўақытша жумысқа қабыллаў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәким жәрдемшилерин:
жумыс нәтийжелери бойынша Миллий кадрлар резервине киргизсин;
еки жыллық мийнет жолы нәтийжелери бойынша лаўазымын арттырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине усыныс киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң усынысларына тийкарланып ҳәким жәрдемшилерин таңлаўсыз тиккелей жоқары лаўазымларға өткериўге рухсат берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң;
«Жаңа Өзбекстан реформаторы» көкирек белгисин шөлкемлестириў;
ҳәким жәрдемшиси лаўазымына тайынланған ҳәм олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге тартылған шахсларды усы көкирек белгиси менен сыйлықлаў әмелиятын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте «Жаңа Өзбекстан рефоматоры» көкирек белгиси ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте орынларда «инсан қәдири ушын» сүрени астында әмелге асырылып атырған реформаларда өзиниң белсене қатнасқаны, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша басламалары менен басқаларға үлги болып атырған мәҳәллелер ҳәм ҳәким жәрдемшилерин хошаметлеп барыў мақсетинде «Ең үлгили мәҳәлле» ҳәм «Белсенди ҳәким жәрдемшиси» сыяқлы таңлаўлардың турақлы өткерип барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шөлкемлестириўшилик структурасын реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Бас министр орынбасары Ж.А.Қўчқоров, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери усы пәрман тийкарында енгизилип атырған системаның нәтийжели шөлкемлестирилиўин, жумысында анықланатуғын машқалалардың орынларда шешилиўин тәмийинлесин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги:
бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарар жойбарын;
еки ай мүддетте Әдиллик министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 3-декабрь