ӨзбекстанРеспубликасы Президентиниң қарары
Республикамызда жергиликли өндирис, санаат кәрханалары, геология ҳәм кәншилик тармақлары ушын жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў, оқыў процесине оқытыўдың инновациялық түрлери ҳәм методлары және заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, аймақларда заманагөй пикирлейтуғын, бәсекиге шыдамлы қәнигелерге болған талапты басқышпа-басқыш қанаатландырып барыў мақсетинде:
- Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының тийкарында Термиз инженерлик-технология институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Институттың тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
Жергиликли өндирис, санаат кәрханалары, геология ҳәм кәншилик тармақларының талапларынан келип шығып, мийнет базарында бәсекиге шыдамлы жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды, сондай-ақ, заманагөй технологиялар бойынша терең билимге ийе қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша үзликсиз билимлендириў системасын жаратыў;
Жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелери менен қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды енгизиў, Институт профессор-муғаллимлериниң маманлығын арттырыў, питкериўшилердиң республикамыз ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде (илимий орайларда) магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша оқыўын шөлкемлестириў;
оқыў процесине алдыңғы сырт ел тәжирийбесин, соның ишинде, заманагөй билимлендириў технологияларын қолланыў, ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығын тәмийинлеў;
оқыў процесин студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге бағдарлаў;
әмелий-изертлеў жумысларын орынлаў ушын заманагөй оқыў ҳәм илимий-лаборатория базасын қәлиплестириў, оны алдыңғы технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў және оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў;
әмелий ҳәм фундаменталь илимий-изертлеў жумыслары және инновациялық жойбарларды әмелге асырыўды жолға қойыў, изертлеў нәтийжелерин коммерцияластырыў, сондай-ақ, тәлим алыўшылардың инновациялық идеяларын әмелге асырыў ушын грантлар тартыў.
- Төмендегилер:
2025-жылға шекем Термиз инженерлик-технология институтын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Термиз инженерлик-технология институтын 2025-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Институт мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында жумыс ислейтуғыны;
Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалы студентлери оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша Институтта оқыўды даўам еттиретуғыны және оларға оқыўдың жуўмағы бойынша Институт дипломы берилетуғыны;
Институтқа студентлерди қабыллаў саны ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы ҳәм қосымша қабыллаў параметрлеринен келип шыққан ҳалда белгиленетуғыны;
Институт Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Институтқа төмендеги ҳуқықлар берилсин:
халықаралық тән алынған шөлкемлердиң әмелдеги рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1 000 лыққа кирген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесиниң бағдарламасы тийкарында өзиниң билимлендириў бағдарламаларын қәлиплестириў;
Жумыс бериўшилердиң талапларын есапқа алған ҳалда оқыў режелериндеги теориялық билимлендириў үлесин қысқартыў есабынан әмелий шынығыўлар көлемин арттырыў, ҳәптеде бир күнлик әмелият тәжирийбесин қолланыў;
Институт жумысының бағдарлары бойынша мәсләҳәт ҳәм эксперт-аналитикалық хызметлерди шәртнама тийкарында көрсетиў, сондай-ақ, көрсетилетуғын хызметлерди нәтийжели әмелге асырыў ушын илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызмет көрсетиўши кәрханаларды шөлкемлестириў;
ашық-айдынлық принциплери тийкарында сырт ел қәнигелерин тартыў және оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда Институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеў және төлеў;
профессор-оқытыўшыларды оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм «устаз-шәкирт» системасы бойынша орынлаған жумысларының нәтийжеси бойынша хошаметлеп барыў.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
а) еки ай мүддетте:
Институтты таңлаў тийкарында өндирислик шөлкемлер, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде үлкен илимий ҳәм әмелий тәжирийбе арттырған қәнигелер, тийкарғы түрде, илимий дәрежеге ийе болған жоқары маман кадрлар менен толықтырыў илажын көрсин;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте Институттың қәнигелескен факультет ҳәм кафедраларын сәйкес бағдарлары бойынша мәмлекетлик үлесине ийе хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын;
б) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Институттың илимий потенциалын арттырыў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде тийисли магистратура қәнигеликлери ҳәм 2023-жылдан баслап таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў илажларын көрсин;
Институт ушын имарат ҳәм объектлерди қурыў, реконструкциялаў соның менен бирге капитал оңлаў жумысларын ҳәр жылғы Инвестиция бағдарламасында тараўға ажыратылған лимитлер шеңберинде әмелге асырыў бойынша усынысларды Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине киргизип барсын.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Институт жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын басқа аймақлардан тартылған профессор-оқытыўшыларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Институтқа жақын аймақта жайласқан көп қабатлы турақ-жайлардан хызмет үйлерин Институтқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратсын.
- Институт жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары, халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- Сурхандәрья ўәлаяты, Термиз қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 288 «а»-жай мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлер тийисли аймағы менен бирге Институтқа оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-июньдағы «Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3101-санлы қарары өзиниң күшин жойытқан, деп есаплансын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
бир ай мүдетте Институттың структурасы ҳәм уставы тастыйықланыўын және белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине бул қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Т.А.Боболов белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 3-декабрь