Нөкис қаласындағы «Алтын сарай» ресторанында 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен имканияты шекленген инсанлар ушын дастурхан жайылып, салтанатлы илаж өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, елимизде майыплығы болған инсанлар бәрқулла қоллап-қуўатланып киятырғанлығын, олардың  машқалалары мәмлекетимиз басшысының ҳәм кең жәмийетшиликтиң турақлы итибарында екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгин елимиз бойлап,  майыплығы болған инсанларды, «Мүриўбет» үйлеринде аталыққа алынғанларды, үйинде билим алып атырған майыплығы болған балаларды ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелердиң тәрбияланыўшыларын, басқалардың жәрдемине мүтәж жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, олардың жағдайынан хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Илажда имканияты шекленгенлигине қарамастан өз алдыларына үлкен мақсетлерди қойып, жоқары оқыў орынларына кирип, жақсы оқып атырған бир қатар студент-жасларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

– Мен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде топырақтаныў қәнигелиги бойынша оқып атырман. Ҳәзир 2-курстаман. Балалығымнан берли бир қолым ҳәм бир аяғымның майыплығы болғанлығы себепли, мүтәж болғанлығым ушын маған «Майыплар жәмийети» тәрепинен жәрдем көрсетилип киятыр,-дейди К.Искендеров. – Студент болғанлығымыз себепли, жағдайларымызды итибарға алып, бүгин маған ҳәм мен сыяқлы бир қатар студент-жасларға ноутбук саўға етилди. Бул ушын басшыларымыздан оға да миннетдармыз.

– Мен 2000-жылы туўылғанман. Нөкис қаласында жасайман. Тигиўшиликке қызығатуғынлығым себепли, 5-6 ай бурын «Майыплар жәмийети»ниң қоллап-қуўатлаўы менен маған тигиў машинасы саўға етилген еди. Үйде кийим-кеншек, көрпе-төсек тигиў ҳәм басқа да буйыртпалар бойынша жумыс ислеп, қосымша дәрамат табыўға да ҳәрекет етип атырман. Бүгин бизлер ушын дастурхан жайылып, саўға берип атырғаны, көрсетилип атырған айрықша итибар ушын миннетдаршылық билдиремиз,-дейди А.Реймова.

Илаж қатнасыўшылары менен дастурхан әтирапында сәўбетлесиўлер өткерилип, пикир-усыныслары тыңланды. Олар ушын көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилип, саўғалар тарқатылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги