Америкалы илимпазлар черника ҳәм оннан таярланған ишимликлерди турақлы ишиў жағдайдын жақсылаўын, сондай-ақ, қан басымын теменлететуғынын дәлилледи, деп жазады Daily Express.

Гарвард медицина мектебиниң илимпазлары тәжирийбе өткерди, онда айырым ықтыярлылар бир ай даўамында ҳәр күни черника мийўели ишимликлерди ишти. Изертлеўдиң басқа қатнасыўшыларына болса  қадағалаў ишимлиги берилди.

Изертлеў нәтийжесинде мийўели ишимлиги жағдайды жақсылаўға жәрдем беретуғын қурал екенлиги анықланды. Күнине тек ғана 200 г черника, малина мийўелерин жеў желке артерияларының кеңейиўине ҳәм систолик артериал қан басымының «бир-еки саатта» орташа бес миллеметр сынап үстине төменлетиўге жәрдем береди. Ондай нәтийже кеўиллилерде тек ғана бир айда дизимге алынды. Оны арнаўлы дәри-дармақларды қабыл етиў нәтийжелери менен салысытырыў мүмкин.

Илимпазлардың пикиринше, черника – организмде эндотелий клеткаларының жумысын жақсылайтуғын антиоксидантлар – антоцианинлерге бай. Олар, өз гезегинде, қан ағымы ҳәм артериал қан басымын тәртипке салыўға жуўапкер. Бул, әсиресе, гипертензияға қарсы гүресиўде әҳмийетли болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги