Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-декабрь-Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 32 жыллығына бағышланып “Тил-миллеттиң айнасы” атамасында саз-сәўбетли байрам кешеси болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери менен басланған байрам кешесинде мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары С.Абдуллаев, белгили журналист А.Оразов ҳәм “Шымбай ҳаўазы” газетасы редакторы Р.Өтепбергеновлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен шын кеўилден қутлықлады.

Кешеде мектеп оқыўшылары да ана тил ҳәм ана Ўатанға арналған өзлериниң мазмунлы қосық-тақмақлары, сазлы қосық ҳәм аяқ-ойынлары менен қатнасып, бул тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.

Илаж соңында байрам алдынан мектеп оқыўшылары арасында өткерилген “Ана тилим сен басқадан айырмам”, “Ана тилим ада болмас байлығым” атамасындағы шығармалар таңлаўында жеңимпаз атанған қатнасыўшыларға мектеп ҳәкимшилигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

А.Оразов,

Шымбай районлық 17-санлы мектептиң

Мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги