Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасы регионаллық ўәкили менен биргеликте республикамыздың аймағында жайласқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» пәрманының орынланыўы үйренилди.
-Үйрениў даўамында, жергиликли ҳәкимликлер, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы, Мектепке шекемги билимлендириў, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Туризм ҳәм спорт бас басқармасы ҳәм олардың қалалық және районлық бөлимлери тәрепинен «Спортты үгит-нәсиятлаўшы» қосымша ўазыйпасын жүкленген 36 хызметкерге 70 миллион 763 мың 764 сум үстеме пулы төленбей турғанлығы анықланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлиминиң баслығы Есенгелди Утепов.-Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан республикасы басқармасы, Статистика, Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармалары тәрепинен тийисли хызметкерлерге «Спортты үгит-нәсиятлаўшы» қосымша ўазыйпасын жүклеў ҳәм оның базалық лаўазым мийнет ҳақысына 20 процент муғдарында үстеме белгилеў пәрманда белгиленген мүддеттен 5-8 ай өтип әмелге асырылғаны анықланды.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде пәрманда белгиленген илажлар үйрениў күнине шекем орынланыўы тәмийинленбегенлиги яғный, тийисли хызметкерге «Спортты үгит-нәсиятлаўшы» қосымша ўазыйпасы жүклетилмегенлиги мәлим болды. Соның менен бирге, пәрманда «Спортты үгит-нәсиятлаўшы» қосымша ўазыйпасы мийнет жәмәәтлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерге жүклеў нәзерде тутылған болса да, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң тийисли буйрығы тийкарында бул қосымша ўазыйпа Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң тренер-оқытыўшысына жүкленгенлиги анықланды.
Үйрениў барысында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде министрлик тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге 10 усыныс, әмелдеги мийнет нызамшылығы талапларын бузған лаўазымлы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, қалалық ҳәм районлық бөлимлери орайларына жәми 31 ҳәкимшилик усыныс ҳәм тийисли судларға 65 миллион 742 мың 452 сумлық 34 даўа арза киргизилди
Қарақалпақстан хабар агентлиги