Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт–ата» шегара бажыхана постына қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара О.О. басқарыўындағы «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралындағы ҳүжжетлерде көрсетилген «плёнка шығындылары» товарлары орнатылған тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди.
Нәтийжеде, автомашина бақлаў ҳүжжетлеринде жазып көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўызша сораўында айтылмаған, дәслепки сораўға бола баҳасы 480 миллион сумға тең болған улыўма 12 тонна «поиэтилен плёнка» товары бар екенлиги анықланды.
Және бир жағдайда, усы пост арқалы елимизге кирип келген пуқара М.П басқарыўындағы «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралы белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Тексериў даўамында, автомашинада улыўма баҳасы 73 миллион 900 мың сум муғдарында ҳүжжетерде көрсетилмеген автомобиль шинасы бар екенлиги анықланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы