16-ноябрь күнине өтер түнде саат 01:00-02:00 лер аралығында Мойнақта басланған жаўынның изи буршақтан, азанғы саат 09:00 ге жақын суўлы қарға айланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
– Ҳәзир суўлы қар жапалақлап жаўып тур. Жер бети аппақ түске енди, – деп жазылған хабарда.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети жаўған биринши қар көринислеринен фоторепортаж таярлады.
Еслетип өтемиз, «Өзгидромет» 16-ноябрь күни Өзбекстанның арқа аймақларына, 17-18-ноябрь күнлери республиканың барлық аймақларына Волгабойы арқалы Россияның Европа аймағы (Москва областы) үстинде қәлиплескен ығал ҳәм суўық ҳаўа массасы кирип келиўи ҳаққында хабарландырыў жәриялаған еди.