Усы жыл 13-ноябрь күни Нөкис қаласындағы «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Жасыл мәкан» жаслар акциясы болып өтти.
Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, «Жаслар келешегимиз» фондының атқарыўшы директоры Х.Саттаров, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Ш.Тешаевлар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиз басшылығында бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқта өтти ҳәм акция қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-ноябрь күни халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде қала ҳәм район орайларында, елатлы пунктлеринде экологиялық жағдайды ҳәм ҳаўаның тазалығын жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың, соның ишинде жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа итибарды күшейтиў, ана тәбиятымызды келешек әўладқа сақлаў, усы арқалы аймағымыздың экологиялық жағдайын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилис протоколына муўапық, Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Жаслар келешегимиз» фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы, тийисли министрликлер, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жәрдеми менен «Жасыл мәкан» жаслар акциясы шөлкемлестирилди.
Буннан гөзленген мақсет-экологиялық машқалалардың себебинен халқымыз арасында ушырасып атырған түрли кеселликлердиң алдын алыў, қала ҳәм район орайлары ҳәм сол жерлерге жақын аймақларға жер орынларын ажыратыў арқалы халықтың бос ўақытларын мазмунлы өткеретуғын жасыл майданларға айландырыў болып табылады.
Акция барысында ықтыярлы жаслар ушын бул бағдарда жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелердиң қатнасыўында саяманлы ҳәм мийўе тереклериниң нәллерин егиў технологиялары, оны тәрбиялаў бойынша пайдалы пикир алысыўлар, шеберлик сабақлары ҳәм ашық сәўбетлесиўлер өткерилди. Нәтийжеде бизиң ықлым шараятымызға шыдамлы нәллер егилди.
Күн даўамында өткерилген илажға 5 мыңнан зыят жаслар, нуранийлар ҳәм ықтыярлылар қатнасып, жақсы нийетлер менен отырғызған нәллердеги тахташаларға өзлери туўралы мағлыўматларды жазып қалдырды. Әлбетте бул егилген нәллер үлкен тереклерге айланып, келешек әўлад ушын естелик болып қалады.
Акция барысында 6 гектар майданға нәл егилди. Бул саўаплы иске белсене қатнасқанлар ең көп нәл, ең көп гүл, ең көп жумыс сааты ҳәм басқа да номинациялар бойынша сыйлықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сертификат ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги