Хабарыңыз бар, Президентимиздиң басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде быйылғы жылдың 10-декабрь сәнесине шекем терек егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди.
Усы жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен бир қатар әмелий жумыслар реже бойынша избе-из даўам етпекте.
– Соңғы үш күнликте бажыхана басқармасының басшылары ҳәм хызметкерлери тәрепинен Беруний районындағы 42-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аймағы, Қоңырат районында жайласқан «Даўыт ата» ҳәм Хожели районында жайласқан «Хожели» шегара бажыхана посты әтирапындағы қыйтақ жерлерге, жәми 3000 нан аслам мийўели ҳәм саяманлы тереклер егилип, абаданластырыў жумыслары алып барылды,-дейди басқарма хызметкери Н.Розибаев.
Сондай-ақ, «Әҳмийетли 40 күнлик» басқарма қурамындағы барлық шегара ҳәм СЭЖ бажыхана постларында әмелге асырылмақта. Аймақты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары белгиленген реже бойынша даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги