Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде усы жылдың өткен 9 айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Атап өтилгеннидей, өткен дәўирде министрлик, қалалық ҳәм районлық Әдиллик бөлимлери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 3477 мүрәжат келип түсип,  судларға 5 миллиард 897 миллион сумлық даўа арза киргизилди. Нызамшылық ҳүжжетлериниң дурыс орынланыўы ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша 960 мәкемеде үйрениў ҳәм мониторинг өткерилип, 103 мың 788 нызам бузылыў жағдайы анықланды.

Сондай-ақ, мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 622 усыныс киргизилип, усыларға тийкар мәмлекетлик уйымлардың 147 қарары бийкар етилди, 245 шахсқа интизамий жаза шарасы қолланылды. 166 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Усынысларға тийкар пуқараларға 2 миллиард 506 миллион 849  мың сум пулы қайтарылды. Жынаят исин қозғатыў бойынша тийисли шөлкемлерге 4 усыныс жиберилди, сондай-ақ, тийисли тәртипте 1192 ескертиў киргизилди.

Бүгинги күни республикамызда 1 мәмлекетлик, 54 жеке меншик әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус халыққа ҳуқықый хызмет көрсетпекте. Олар тәрепинен есабат дәўиринде 137 мың 263  нотариаллық хызмет көрсетилди.

Өткен 9 ай даўамында 78 юридикалық хызмет хызметкери лаўазымына ҳүжжет келип түсип, соннан  66 хызметкер сәўбетлесиўден өтип, лаўазымға тайынлаўға келисим берилди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының 108 қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилип, мәмлекет есабына алыўы тәмийинленди.

Ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында 444 мәкемеде 991 ден зыят нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет талланғанда, 651 нызам бузылыў жағдайы анықланды. Әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша 331 усыныс берилди.

Министрлик, қалалық ҳәм районлық Әдиллик бөлимлери тәрепинен 9552 ҳуқықый үгит-нәсият илажы әмелге асырылды. Сондай-ақ, «Әдиллик сейили», «Биз биргемиз», « Street law», «Бийпул мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» жойбарлары өткерилди. Үйме-үй жүриў арқалы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға ҳуқықый мәсләҳәт берилди.

Жақында болып өткен Президент сайлаўының үгит-нәсиятында Әдиллик министрлиги хызметкерлери белсене қатнасты. Атап айтқанда, участкалық сайлаў комиссияларының ағзалары ушын семинар-тренингларды алып барыў ушын 19 хызметкер тренер сыпатында қатнастырылды.

Илаж соңында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

  Қарақалпақстан хабар агентлиги