Усы жыл 13-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Медицина тараўы хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң тараў хызметкерлерине байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Камалов кең түрде баянат жасады.

Атап өтилгениндей, ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембиси елимизде Медицина тараўы хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте Ҳақыйқатында да, экологиялық қыйын шараятта, аймағымыздың өзгериўшеңықлым шараяты ҳәм сырттан ҳәр қыйлы қәўип салып турған кеселликлер тәсиринде жасап атырған халқымыз саламатлығының турақлы болып турыўы-бүгинги күни медицина хызметкерлериниң ел дәртине үлкен демеў болып турғанлығынан дәрек береди.

Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында халықтың саламатлығын қорғаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде тараўда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың әҳмийетин халқымызға жеткериў, анық белгиленген бағдарлама тийкарында олардың орынланыўын тәмийинлеў алға қойылған мақсетлерге ерисиўде тийкарғы фактор болып хызмет етпекте. Соның ишинде, тараўға жәҳән медицинасы әмелиятындағы ең соңғы жетискенликлер менен жетекши технологияларды енгизиў, маман қәнигелер таярлаў ҳәм қайта таярлаўға, халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер менен бирлемши буйынды кеңнен қамтып алыў мақсетинде алдағы 3 жылда 28 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 3 шаңарақлық поликлиниканың иске түсирилиўи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасында 2021-2023-жылларда шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды шөлкемлестириў бойынша тармақ режеси» тастыйықланды.

Президентимиздиң усы жыл 25-майдағы «Денсаўлықты сақлаў тараўын комплексли раўажландырыўға қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен республикамызда Ташкент қаласындағы 5 қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайының (эндокринология, нейрохирургия, нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы, наркология) филиалларын шөлкемлестириў жумыслары басланып, ҳәзирги ўақытта қәнигелер таярланбақта. Алдын усындай қәнигелестирилген орайлар филиалларының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде 150  түрдеги жаңа емлеў ҳәм диагностика әмелияты енгизилди. Нәтийжеде эндокринологиялық кеселликлер менен кеселлениў 22 процентке, туберкулез бенен кеселлениў 30 процентке, сондай-ақ, басқада кеселликлердиң азайыўына ерисилди. Төрткүл, Қоқырат, Шымбай районлық медицина бирлеспелеринде районлар аралық  политравма ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

Быйылғы жылға белгиленген Инвестиция бағдарламасы тийкарында 8 объектке 48,3 миллиард сум қаржы ажыратылған болса, жыл даўамында жергиликли бюджет, ҳәр қыйлы қорлардың ҳәм грант қаржылары есабынан  44 миллиард  770 миллион сумлық 1014 дана керекли медициналық әсбап-үскенелер алып келинди.

Усы жылы Қарақалпақстан медицинасының тарийхында биринши мәрте республикалық көп тармақлы медицина орайында бүйректи көширип өткериў (бүйрек трансплантациясы) хирургиялық әмелияты әмелге асырылды ҳәм жолға қойылды. Сондай-ақ, туўма гереңлик кеселлигине шатылған наўқасларға кохлеар имплантациясы хирургиялық оепрациясы басланды. Қарақалпақстан медицина институтының заманагөй инновациялық клиникасы ашылды.

Илажда бир топар тараў пидайыларына көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери