Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимизде халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, заманагөй емлеў усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, әсиресе, коронавирус пандемиясы шараятында профессионаллық ўазыйпасын шын кеўилден орынлап киятырғаны, терең билим ҳәм жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелерди таярлаў жолындағы үлкен хызметлери және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги қатнасы ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Махкамов Мохир Эргашевич- Қарақалпақстан Республикасы балалар көп тармақлы медицина орайының мәсләҳәт поликлиникасы шыпакери
II дәрежели «Саломатлик» ордени менен
Балтабаева Шарбан Джаңабаевна-Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис әскерий госпиталы терапия бөлиминиң шыпакери
«Дўстлик» ордени менен
Мамбетмуратов Кеўнимжай-Кегейли районы медицина бирлеспесиниң реанимация бөлими баслығы
«Соғлом турмуш» медалы менен
Баймурзаева Бибижамал Бекбергеновна-Шымбай районындағы 56-аўыллық шаңарақлық поликлиникасының меңгериўшиси
«Шуҳрат» медалы менен
Калимбетов Нзаматдин Шарапович-Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем миллий орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалының тез медициналық жәрдем бөлиминиң бас фельдшери
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 12-ноябрь