Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-марттағы 5020-санлы қарары менен Республика Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси шөлкемлестирилип, усы кеңестиң қарары менен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын өткериў белгиленген еди.
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын өткериўден мақсет – жәмийетте ҳәм турмыста белсенди ҳаялларды анықлаў, олардың жумысларын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, өмири ҳәм ис тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм ҳаял-қызларға үлги етип көрсетиў, олардың өз кәсибине болған пидайылығын, дөретиўшилик қәбилетин хошаметлеў, шаңарақта ҳәм перзентлер тәрбиясында үлги болыўы менен бирге, жәмийетлик турмыста белсенди қатнасып киятырған түрли тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-куўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў болып есапланады.
2021-жылдың «Жыл ҳаялы» милий таңлаўының қала ҳәм районлық басқышларында 149 белсенди ҳаялларымыз қатнасып, олардың арасынан жеңимпаз болған 17 ҳаял усы жыл 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы басқышында өз-ара беллести.
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында мәмлекетик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, барлық қала ҳәм районлардан келген белсенди ҳаял-қызлардың қатнасыўында усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы кеше өткерилди.
Кеше «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының жеңимпазлары тәрепинен таярланған көргизбелерди тамашалаў менен басланды.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова шығып сөйлеп, елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, машқалаларын унамлы шешиў, нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм белсендилигин арттырыўда бир қатар илажлар өткерилип атырғанлығын атап өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде соңғы жылларда ҳаял-қызларға берилип атырған жоқары итибар ҳәм ғамхорлықлардың нәтийжесинде ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы роли барған сайын артып бармақта.
Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде жаратылған «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы республикамызда 48491 ҳаял-қызға материаллық, руўхый, ҳуқықый, психологиялық жәрдемлер көрсетилди. Жети мың ҳаял-қызға өзлериниң исбилерменлигин жолға қойыў ушын усы дәптер арқалы 67 миллиард сумнан аслам кредитлер ажыратылды.
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева биринши, Төрткүл районындағы «Шорахан» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасары Урингул Аллабергенова екинши, Қанлыкөл районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Нигора Алламбергенова үшинши орынды ийеледи.
Таңлаўда номинация жеңимпазлары да анықланды.
«Жылдың ең жанкүйер устазы» номинациясы бойынша Тахтакөпир районындағы 6-cанлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң директоры Айшахан Мадрейимова, Бозатаў районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Гүлсәўир Рамбергенова, Мойнақ районындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Айтгүл Жолимбетова, Елликқала районындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Айша Каримова, «Жылдың ең күшли руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы бойынша Шоманай районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Айжамал Искендерова, Хожели районы ҳәкимлигиниң жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен бирге ислесиў бойынша бас қәнигеси Гүлнара Нурымбетова, Қараөзек районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаслар жетекшиси Гүлзира Жумамуратова, «Жылдың ең алдынғы исбилермен ҳаялы» номинациясы бойынша Әмиўдәрья районы «Тамара текстиль» ЖШЖ директоры Тамара Юсупова, Беруний районынан өнермент
Нигора Қузибаева, «Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы» номинациясы бойынша Шымбай районы Мәденият бөлиминиң «Жулдызша» дөгерек басшысы Гүлайым Гапуова, «Өз кәсибиниң устасы болған жыл ҳаялы» номинациясы бойынша Тақыятас районындағы Республика Балалар үйиниң бас шыпакери Анжела Омирова, «Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы бойынша «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» Республика жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Гулшат Турсымуратова, «Жылдың ең жаңа идеялар басламашысы» номинациясы бойынша Қоңырат районы 39-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Сайёра Реимбаев, «Жылдың ең Ўатансүйер ҳаялы» номинациясы бойынша Нөкис районлық ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактика инспекторы Рита Сармановалар жеңимпаз болды.
- Фермер хожалығымыздың улыўма жер майданы 602 гектар болып, соннан егислик жерлер 195 гектарды қурайды. Хожалығымызда 31 адам турақлы жумыс ислемекте,-дейди Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы П.Салиева. – 2017-2019-жылларда мәмлекетимизге 235 тонна пахта тапсырдық. Өнимдарлықты жылдан-жылға арттырып, оны 19,2 центнерден 33 центнерге жеткерип, пахта тапсырыў режесин 133 процентке орынлаўға еристик.
Хожалығымыздың 50 гектарлық жерине бийдай егилип, режени артығы менен орынлап, быйыл 153 тонна бийдай тапсырдық. Сондай-ақ, хожалығымызда 30 бас қара мал, 41 қой-ешки ҳәм таўықлар да бағылмақта.
Фермер хожалығымыз пахташылық ҳәм ғәллешилик бойынша ерискен жетискенликлериниң есабынан ҳәр жылы дәраматымыз артып, кейинги үш жыллықты жәми 1,333 миллиард сум дәрамат ҳәм 430 миллион сумлық сап пайда менен жуўмақладық.
Жетискенликлеримиз инабатқа алынып «Жыл ҳаялы» таңлаўында жеңимпаз болғанымнан қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары жумысларымызды және де жеделлестирип, кеңейтип, өнимлеримизди қайта ислеўди, өндирис тараўларын раўажландырыў нийетим бар.
Илажда жеңимпазларға арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Кешеде көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери