Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги «Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 925-санлы қарары тийкарында усы институттың Нөкис қаласында филиалы шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде филиалда 4 қәнигелик бойынша 300ге шамалас студент-жаслар билим алып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2019-жыл 30-октябрьдеги «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталығын қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5863-санлы пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 6-марттағы 122-ф-санлы бийлигине тийкарланып, филиалымызда «Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы тийкарында тәбийғый ресурслардан пайдаланыў машқалалары ҳәм олардың инновациялық шешимлери» атамасындағы республикалық илимий-әмелий онлайн конференциясы шөлкемлестирилди.

Әнжуманда республикамыздан, сондай-ақ, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы бир қатар жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар, илимпазлар өз баянатлары менен қатнасты.

 

Мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, санитария ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўды тәмийинлеў тараўында даўамлы жумыслар алып барылмақта. Өзбекстанда 1800 ден көбирек пайдалы қазылмалардың перспективалық орынлары, минерал шийки заттың 118 түри болып, солардың 65 си өзлестирилмекте.

Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы жоқары оқыў орынларының, илим-изертлеў институтлары ҳәм өндирис шөлкемлериниң өз потенциалларын өз-ара мәпдарлықта биргеликтеги пайдаланыўы болып, бул жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўдың тийкарғы факторы болып есапланады.

Усы мақсетте шөлкемлестирилген республикалық илимий-әмелий онлайн конференциясы илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын тәмийинлеўге, сондай-ақ, илимий-техникалық раўажланыўды жеделлестириўге, илим менен билимлендириўдиң интеллектуаллық потенциалынан рационал пайдаланыўға тийкар болатуғынына беккем исенемиз.

Р.Арзиев,

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының

Нөкис филиалының баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги