Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатына Австрия мәмлекетиндеги Өзбекстанның айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абат Файзуллаев келди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Рустем Реймов шығып сөйлеп, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдеги жаңалықлар ҳәм келешек режелери ҳаққында атап өтти.
Елши Абат Файзуллаев Вена қаласындағы «C-Quadrat Investment Group» инвестиция компаниясы тәрепинен жиберилген брайль шрифтиндеги принтер, спорт инвентарлары ҳәм оқыў қуралларын мектеп-интернатына саўға етти.
Буннан соң Министр Р.Реймов елши А.Файзуллаевқа Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги атынан миннетдаршылық хатын тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги