Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасының 14 аймағындағы 207 район (қала)да жайласқан 9622 мектептиң жумысларын анализлеў тийкарында 2020-жылдың жуўмақлары бойынша улыўма билим бериў мәкемелериниң рейтинги, сондай-ақ, район және қалалардың билимлендириў сапасы бойынша рейтинги жәрияланды.

Рейтингде Өзбекстанның аймақлары кесиминде Қарақалпақстан Республикасы 14 аймақ ишинде 25,43 рейтинг балы менен 11-орынды ийеледи. Рейтингде 1-орынды 30,61 балл менен Наўайы ўәлаяты, ал ең соңғы 14-орынды 24,26 балл менен Қашқадәрья ўәлаяты бәнтлеген.

Район ҳәм қалалар рейтингде болса «ТОП-10»лықтан улыўма 34,04 балл менен Нөкис районы орын алған болып, бул көрсеткиш арқалы бул район Өзбекстандағы 207 район ҳәм қала арасында 3-орынды ийелеген. Ал ең төмен көрсеткишли районлар арасында Бозатаў (198-орын), Төрткүл (202-орын), Беруний (205-орын) районлары көрсетип өтилген.

Қәнигелестирилген мектеплер рейтингинде Қарақалпақстандағы усы категориядағы мектеплер «ТОП-10»лықтан да, ең төмен дәрежели мектеплер онлығынан да орын алмаған.

Улыўма орта билим бериў мектеплери рейтингинде республикамыздағы ҳеш бир мектеп Өзбекстан көлеминдеги «ТОП-10»лық мектеплерине кирмеген болса, ең төмен көрсеткишли мектеплер қатарында Төрткүл районындағы 52-санлы ҳәм Әмиўдәрья районындағы 61-санлы мектеплер атап өтилген.

Питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери бойынша рейтингде Нөкис қаласы 22,62 рейтинг балы менен Өзбекстанның «ТОП-10»лық район ҳәм қалалары қатарынан орын алған – 7-орын.

Жергиликли бюджеттен мектеп билимлендириўин раўажландырыў ушын ең көп қаржы ажыратқан аймақлар рейтингинде Қарақалпақстан Республикасы Әндижан ўәлаятынан кейин 2-орынды ийеледи. Яғный, Қарақалпақстанда жергиликли бюджеттен бир оқыўшы ушын 86 350 сумнан ажыратылған (Әндижан ўәлаятында бул көрсеткиш 95 260 сумды қурайды). Итибарға ылайықлы тәрепи, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылған қаржылар көрсеткиши бойынша Нөкис районы (бир оқыўшы ушын 344 400 сум) ҳәм Қараөзек районы (бир оқыўшы ушын 254 800 сум) Өзбекстан көлеминдеги 207 район және қала арасында сәйкес түрде 1- ҳәм 2-орынларды бәнтлеген. Өзбекстан көлеминде 22 район (қала)да мектеп билимлендириўи ушын ҳәкимликлер тәрепинен улыўма қаржы ажыратылмаған. Олардың арасында Қарақалпақстанның район (қала)лары жоқ.

Оқыўшылар тәрепинен әмелге асырылған жынаятлар анализи бойынша аймақлардың көрсеткишлери де жәрияланды. Онда Өзбекстан аймақлары арасында оқыўшылар тәрепинен ең көп жынаят Ферғана ўәлаятында әмелге асырылған – 391 жынаят. Қарақалпақстанда болса бул көрсеткиш 29 жынаятты қураған (ҳәр 100 мың оқыўшыға 8,5 жынаят). Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Бозатаў, Қанлыкөл, Кегейли, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында мектеп оқыўшылары тәрепинен улыўма жынаят әмелге асырылмаған.

 

Солай етип, Қарақалпақстан Республикасы бойынша қала ҳәм районлар кесиминде орташа рейтинг көрсеткишлери төмендегише:

1) Нөкис районы – 34,04;

2) Қараөзек районы – 31,29;

3) Нөкис қаласы – 30,19;

4) Шоманай районы – 30,05;

5) Қанлыкөл районы – 29,55;

6) Қоңырат районы – 27,75;

7) Кегейли районы – 26,39;

8) Тахтакөпир районы – 26,14;

9) Шымбай районы – 25,83;

10) Хожели районы – 24,41;

11) Мойнақ районы – 24,24;

12) Әмиўдәрья районы – 23,80;

13) Елликқала районы – 22,76;

14) Тақыятас районы – 22,72;

15) Бозатаў районы – 22,32;

16) Төрткүл районы – 21,86;

17) Беруний районы – 20,38.

 

Питкериўшилердиң оқыўға кириў көрсеткишлери бойынша «ТОП-5»:

1) Нөкис қаласы – 22,62%;

2) Қоңырат районы – 18,25%;

3) Нөкис районы – 17,91%;

4) Қанлыкөл районы – 17,38%;

5) Қараөзек районы – 16,44%.

 

Питкериўшилердиң оқыўға кириў көрсеткишлери бойынша ең төмен көрсеткишли районлар:

13) Мойнақ районы – 8,14%;

14) Тақыятас районы – 6,92%;

15) Тахтакөпир районы – 5,93%;

16) Төрткүл районы – 5,44%;

17) Беруний районы – 5,16%.

Анализ барысында, Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма 415 мектепте жоқары категориялы муғаллимлер болса, 303 мектепте жоқ. Ал 662 мектепте биринши категориялы муғаллимлер болса, 56 мектепте жоқ екенлиги мәлим болды.

Атап өтиў орынлы, рейтинг нәтийжелери билимлендириў мәкемелери ҳәм аймақлардың 2020-жылдағы жумысларына баҳа береди. Ондағы келтирилген мағлыўматлар 2021-жылдың 1-январь жағдайы бойынша екенлигин атап өтиўимиз керек.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.