Елимиз бойлап «Әҳмийетли 40 күнлик» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте. Бул илажларда пуқаралар жыйынлары да белсене қатнасып, олар тәрепинен өз аймақларында абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын нураныйлар, ҳаял-қызлар, мәҳәлле белсендилери ерте таңнан баслап, аймақты абаданластырыў жумысларына кирисип кетти.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратовлардың басшылығындағы тараў қәнигелери де мәҳәлле аймағында алып барылып атырған бул жумысларды қоллап-қуўатлап, бул ийгиликли иске өз үлесин қосып, аймақ турғынлары менен бирге көшелерге мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.

– «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  27 кѳше ҳәм 20 кѳп қабатлы жайлар болып, онда 7507 адам жасайды. Бүгинги күнде «Әҳмийетли 40 күнлик» шеңберинде кѳшелердиң бойларына мийўели терек нәллери отырғызылды. Мине, бүгин кѳп қабатлы жайлардың алдына мийўели терек нәллерин егип атырмыз,-дейди МПЖ баслығы Г.Утемуратова.

«Әҳмийетли 40 күнлик» шеңбериндеги мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм терек егиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға барлық пуқаралар белсендилик пенен қатнаспақта.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги