Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириў, талантлы жасларды анықлаў, таңлаў (селекция)дың санластырылған жаңа системасын енгизиў, күшли олимпия резервин жаратыў арқалы спортшылардың Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынларында, жәҳән чемпионатларында ҳәм басқа да ири халықаралық жарысларда қатнасыўы және жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Олимпия резервлери колледжлери негизинде Билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификациясының 5-дәрежесине сәйкес билимлендириў мәкемеси түриндеги олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери шөлкемлестирилсин.
  2. 2022-2023-оқыў жылынан (2022-жыл 1-сентябрьден) баслап:

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери контингенти тек олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша қәлиплестирилетуғыны (буған миллий гүрес және айрықша Ҳүкимет қарарлары менен белгиленген спорт түрлери кирмейди);

Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң усынысына тийкарланып олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң тийисли паралимпия спорт түрлериниң бөлимлерине жиберилип атырған физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған спортшылар ушын 10 процентке шекем қосымша квоталар ажыратылатуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резевлери колледжинде билимлендириў процеси улыўма орта билимлендириў және орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышларында әмелге асырылатуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резевлери колледжлерине қабыллаў квоталары ҳәр бир спорт түриниң өзгешелигинен (салмақ категориясы, спортшылардың саны, соның ишинде, спортшы-ҳаял-қызлардың саны, жәмәәтлик спорт түрлери бойынша тийисли спорт түринде қатнасатуғын спортшылардың саны ҳәм басқалар) келип шығып қәлиплестирилетуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери, сондай-ақ, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери және қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде қабыллаў квоталары ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын 2024-2025-оқыў жылынан баслап теңдей түрде белгиленетуғыны (2022-2023 оқыў жылында ҳаял-қызлардың үлеси 30 процент, 2023-2024 оқыў жылында – 40 процент, 2024-2025 оқыў жылында – 50 процентти қурайтуғыны);

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң бар материаллық-техникалық базасынан келип шығып аймақларда раўажланған олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине қәнигелестирилетуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң оқыўшылары бийпул (жеңилликли) аўқатландырыў қәрежетлериниң бөлегин қаплаў ушын ата-аналар төлеми бийкар етилетуғыны ҳәм оқыўшылар толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан азық-аўқат пенен тәмийинленетуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң директорлары халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллерине усы қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳәр жылдың жуўмағы бойынша есабат беретуғыны ҳәм оның нәтийжесине бола олардың жумысына халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери тәрепинен баҳа берилип барылатуғыны. Онда баҳаның нәтийжелери колледжлер директорларын хошаметлеў (соның ишинде, басқа лаўазымларға көтериў) ҳәм оларға тийисли илажлар көриў (соның ишинде, лаўазымынан босатыў) ушын тийкар болып хызмет ететуғыны;

Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, спорт федерация (ассоциация)лары олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлерине орынлардан талантлы жасларды анықлаў, таңлаўға (селекция) жақыннан жәрдем беретуғыны, бул жумысларды әмелге асырыў ушын басқа спорт-билимлендириў мәкемелери менен турақлы байланыс орнатылатуғыны;

Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, олимпия спорт түрлери бойынша спорт федерация (ассоциация)лары аймақларда селекционерлер лаўазымын енгизетуғыны белгиленсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов):

Қаржы министрлиги ҳәм спорт федерация (ассоциация)лары менен биргеликте үш ай мүддетте 2022-2023-оқыў жылынан баслап олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлерине қабыллаў параметрлерин тийисли аймақлардағы халық, спорт пенен шуғылланыўшылар, спорт-билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм басқа да әҳмийетли көрсеткишлерден келип шығып арттырыў арқалы қәлиплестириўди, олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлеринде олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерин көбейтиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлеринде ажыратылған қаржылар шеңберинде хожалық хызметлерин аутсорсинг тийкарында әмелге асырыўды жолға қойсын;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериндеги олимпия емес спорт түрлери бойынша бағдарларда билим алып атырған оқыўшылар усы колледжлерди толық тамамланғанға шекем оқытылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия (А.Арипов) усы қарарға муўапық, 2022-жыл 1-июньге шекем олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлерине 2022-2023-оқыў жылы ушын қабыллаў параметрлерин тастыйықласын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2022-жылдан баслап район(қала)да олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша рәсмий спорт жарысларын өткериўди қаржыландырыў ушын 110 миллиард сум қаржы ажыратылады (республикалық бюджеттен-55 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден –55 миллиард сум) және усы мақсетлер ушын ҳәр жылы ҳәр бир район (қала)ға 300 миллион сумнан 1 миллиард сумға шекем бериледи. Онда усы қаржылардың ажыратылғанлығы ҳәм оның қәрежетлери «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырылып барылады;

ҳәр бир мәҳәлле, улыўма орта билимлендириў мектеби, орта арнаўлы профессионал билимлендириў мәкемесинде командалық спорт түрлери (баскетбол, волейбол, гандбол, футбол ҳәм басқалар)бойынша топарлар дүзиледи. Бунда мәҳәлледеги топарларға – спорт-билимлендириў мәкемелериниң тренерлери, улыўма орта билимлендириў мектеплери  ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў мәкемелериндеги топарларға –денетәрбия оқытыўшылары жуўапкер етип белгиленеди;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт жумысы бағдарларының 3-4-курсларында билим алып атырған студентлерге мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде денетәрбия инструкторы, улыўма орта билимлендириў мектеплеринде денетәрбия оқытыўшысы, спорт-билимлендириў мәкемелеринде тренерлик жумысы менен шуғылланыўға руқсат бериледи және оларға орта арнаўлы мағлыўматлы педагогтың базалық тариф ставкалары бойынша ҳәр айда мийнет ҳақы төлеп барылады;

Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына мақсетли таярлық көрип атырған спортшы, тренерлер ҳәм басқа да қәнигелерге, соның ишинде, сырт ел спорт қәнигелерине Мәмлекетлик бюджеттен төленетуғын айлық мийнет ҳақылары Министрлер Кабинети тәрепинен белгилеп берилген нормалар тийкарында төлеп бериледи.

  1. «Денетәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы нызамға муўапық республикада халықаралық категориядағы Өзбекстан спорт устасы ямаса халықаралық гроссмейстер, Өзбекстан спорт устасы ямаса Өзбекстан гроссмейстери спорт атақлары, сондай-ақ, Өзбекстан спорт усталығына ямаса Өзбекстан гроссмейстерлигине талабан, биринши, екинши ҳәм үшинши спорт разрядлары, жас өспиримлер ушын биринши, екинши ҳәм үшинши спорт разрядлары белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатлары, олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери және республикалық жоқары спорт шеберлик мектеплеринде 2022-жыл 1-январьдан баслап атақлы ҳәм разрядлы спортшыларды мәмлекетлик буйыртпа тийкарында таярлаў системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында таярлаў системасы спорт-билимлендириў мәкемелериниң оқыў жылы басынан баслап режели ислеўин шөлкемлестириў, олардың басшылары ҳәм тренерлер қурамының жуўапкершилигин арттырыў, спорт объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, бюджет қаржыларын дурыс жумсаў мақсетинде енгизилетуғыны;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында таярлаў системасы спорт-билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, тренерлердиң сапа қурамы, шуғылланыўшылардың саны ҳәм басқа да әҳмийетли көрсеткишлерден келип шығып қәлиплестирилетуғыны;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында атақлы ҳәм разрядлы спортшылар спорт түрлери реестрине киргизилген және бирден-бир спорт классификациясы бар болған спорт түрлери бойынша таярланатуғыны;

спорт атақлары ҳәм разрядлары спортшыларға бир өмирге берилетуғыны;

Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынларына лицензияларды қолға киргизиў ушын таңлаў жарыслары, жәҳән чемпионатлары ҳәм басқа да ири халықаралық жарысларда қатнасыў ушын талабанлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының спорт сайланды командалары қурамлары биринши гезекте атақлы ҳәм разрядлы спортшылар арасынан таңлап алынатуғыны белгиленсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов):

ҳәр жылы тийислилигинше 1-август ҳәм 1-январьға шекем спорт-билимлендириў мәкемелери тәрепинен таярланатуғын атақлы ҳәм разрядлы спортшылардың мәмлекетлик буйыртпасын тастыйықласын;

еки ай мүддетте 2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынлары бағдарламаларына киргизилген спорт түрлеринен келип шығып спорт түрлери реестрин қайта тастыйықласын.

  1. 2022-2023-оқыў жылынан баслап:

балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери және олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатларына оқыўшыларды қабыл етиўде олардың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша спорт сынаўларын табыслы тапсырғанлығы әҳмийетли норма есапланатуғыны;

балалар-жас өспримлер спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери жумысына спортқа кеңнен тартылған балалар ҳәм өспиримлер, мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып таярланған атақлы ҳәм разрядлы спортшылар, республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшылар, олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлерине қабыл етилген оқыўшылардың санына қарап баҳа берилетуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери, олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатлары және республикалық жоқары спорт шеберлик мектеплериниң жумысына мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып таярланған атақлы ҳәм разрядлы спортшылар, спорт түрлери бойынша миллий сайланды командалардың тийкарғы ҳәм резерв қурамына киргизилген спортшылар, Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынлары, жәҳән, Азия, Өзбекстан чемпионатлары (кубоклери) жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелериниң санына қарап баҳа берилетуғыны;

балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балалар- жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатлары, олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери басшыларының спорт бойынша орынбасарлары ҳәм тренерлери ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте  улыўма орта билимлендириў мектеплерине тиккелей барып, талантлы жасларды тийисли спорт-билимлендириў  мәкемелерине тартыў бойынша  селекция жумысларын  әмелге асыратуғыны;

жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлер қабыл етиў басланғанына шекем жасы үлкенлер ҳәм жаслар арасында Олимпиада ҳәм паралимпия ойынлары бағдарламаларына киргизилген спорттың олимпия ҳәм паралимпия түрлери бойынша Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынларында соңғы төрт жылда,  жәҳән  ҳәм Азия чемпионатларында соңғы бир жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси (1-3-орын) болған улыўма орта билимлендириў мектеплери, орта арнаўлы профессионал билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери  жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы билимлендириў  бағдарларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында күндизги, сыртқы, кешки билимлендириў түрлерине имтихан сынақларысыз қабыл етилетуғыны;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжериниң орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышының арнаўлы спорт пәнлерин табыслы (ағла баҳада) тамамлаған  питкериўшилер Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети ҳәм оның филлиалларына және жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт  жумысы бағдарларына  тиккелей екинши  басқышқа жеке тәртиптеги сәўбетлесиў арқалы мәмлекетлик грант тийкарында  имтихан сынақларысыз қабыл етилетуғыны;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети ҳәм оның филлиалларында  3-4-курсларда  билим алып атырған  студентлердиң өндирислик әмелияты  олардың жасаў орны бойынша дизимге алынған орнына қарамастан, тийисли бағдарлар бойынша  тийкарғы түрде мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилетуғыны;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети ҳәм оның филлиалларының питкериўшилерине жасаў орны бойынша дизимге алынған орнына қарамастан, мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли қабыллаў параметрлеринде көрсетилген район (қала)да жайласқан мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемелеринде  4 –жыл ислеп бериў миннетти жүкленетуғыны белгиленсин.

  1. Республикалық олимпия резервелери колледжи базасында үш жыллық «специалитет» бағдарламаны әмелге асыратуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси түриндеги қәнигелестирилген Жоқары спорт шеберлик институты шөлкемлестирилсин.

Жоқары спорт шеберлик институтына  тек олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлерин питкерип, олимпия спорт түрлери бойынша миллий сайланды команда ағзалары болған жаслардың спорт нәтийжелерине қарап ҳәм селекция бойынша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилетуғыны белгиленсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте  2022-жыл 1-январьға шекем  алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда Жоқары спорт шеберлик институтының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының  жойбарын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абухакимов):

үш ай мүддетте Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте  спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажларының календарь  режесин түп-тийкарынан қайта көрип шығып, жаңадан жетистирилген системаны енгизиўди нәзерде тутатуғын  Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте район (қала) орайларында жайласқан спорт-билимлендириў мәкемелери жумысының нәтийжелилигин арттырыў есабынан  2022-2025-жылларда оларды сақлаўға байланыслы қәрежетлердиң   бюджеттен тысқары түсетуғын түсимлери есабынан қапланатуғын үлесин  басқышпа-басқыш арттырып барыў бойынша реже-кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2022-жыл 1-мартқа шекем барлық   мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемелериниң басшылары, олардың орынбасарлары және теренерлерин аттестациядан өткерсин  ҳәм оның нәтийжеси тийкарында терең билим, тәжирийбе ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған жоқары тәжирийбели қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин;

2022-жыл 1-апрельге шекем Қаржы министрлиги менен биргеликте спорт-билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң  мийнетине ҳақы төлеў  тәртибин түп-тийкарынан қайта көрип шығып,  жаңадан жетистирилген системаны енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет  қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2022-жыл 1-августтан баслап аймақларда талантлы жасларды анықлаў, таңлаў (селекция) арнаўлы спорт системасын басқарыў платформасы ( кейинги орынларда – Платформа) арқалы әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Онда:

Платформа Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў  министрлиги тәрепинен IT-парк дирекциясы  резидентлери менен биргеликте ислеп шығылады ҳәм турақлы түрде техникалық қоллап-қуўатланады;

Платформаны ислеп шығыў ҳәм иске қосыў менен байланыслы қәрежетлер  Өзбекстан спорт делегациясының 2021-жылда Токио қаласында (Япония) болып өткен жазғы ХХХII Олимпиада ойынларына таярлық көриўи ҳәм қатнасыўы қәрежетлери сметасы шеңберинде  жумсалған қаржылар есабынан әмелге асырылады;

Платформа өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатлары (кубоклери)ның барлық басқышлары менен байланыслы ҳүжжетерди санластырыў,  барлық спорт-билимлендириў мәкемелерине  оқыўшыларды қабыл етиў,  Мәмлекетлик бюджеттен спорт тараўы, сондай-ақ, спорт ҳәм ғалаба денетәрбия  илажларының республикалық ҳәм аймақлық календарь режелери ушын ажыратылатуғын қаржылардың бөлистирилиўи ҳәм жумсалыўының  толық қадағалаўын әмелге асырыў, олар бойынша есабатларды қәлиплестириў, спорт-  билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылар түсимлерин қадағалаў ҳәм жумсалыўының ашық-айдынлығын  тәмийинлейди;

Платформа  спорт сынаўларының платформасы (www.jtdss.uz) менен интеграцияланады;

Спортшы жасларды анықлаў, таңлаў (селекция) мақсетинде Платформада  видео хостинг  жайластырылады;

Платформада жайластырылған ең жақсы қысқа метражлы видеороликлер спорт тараўының тәжирийбели қәнигелериниң жуўмақларына тийкарланып таңлап алынады, ең жақсы қысқа метражлы видеороликти жайластырған шахслар Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан  ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди;

Платформаны ислеп шығыў ҳәм оған хызмет көрсетиў және кейин ала модернизациялаў бойынша буйыртпашының функциялары Туризм ҳәм спорт министрлигине жүкленеди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Туризм ҳәм спорт министрлиги усы бәнттеги ўазыйпаларды  толық  әмелге асырсын және Платформаның  2022-жыл 1-июньге  шекем иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола спорт түрлери бойынша:

а) Өзбекстан чемпионатлары (кубоклери):

1-басқыш – мәҳәлле (мәкеме) көлеминде;

2- басқыш- район (қала) көлеминде;

3- басқыш – #арақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы көлеминде;

4- басқыш- республика көлеминде әмелге асырылады;

б) Өзбекстан чемпионатлары (кубоклери)ның финал басқышларында тек усы жарыслардың төменги басқышларында жеңимпазлықты қолға киргизген  ҳәм тийисли ҳүжжетлерди Платформаға жайластырған командалар (жеке спортшылар) қатнасады. Онда бул талапларға әмел етилмесе, командалардың (жекке спортшылар) қатнасыўына жол қойылмайды;

в) Өзбекстан чемпионатлары (кубоклери) менен избе-изликте бар паралимпия  спорт түрлери бойынша да усы тәртипте жарыслар өткериледи.

  1. Спорт-билимлендириў мәкемелерине жас оқыўшы-спортшылар менен ислесиў тәжирийбесине ийе ҳәм жумысында жоқары көрсеткишлерге ерискен сырт ел қәнигелери (тренер, оқытыўшы ҳәм басқалар)ды тартыўдың төмендеги системасы енгизилсин;

Туризм ҳәм спорт министрлиги спорт федерация (ассоциация)лары менен биргеликте  2022-2023-оқыў жылынан баслап ҳәр бир олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжине кеминде бир спорт түринен сырт ел қәнигесин (тренер ҳәм оқытыўшылар)  тартады ҳәм сырт ел қәнигесиниң қатнасыўында   жергиликли спортшыларды таярлаў методикасы жетистириледи;

Туризм ҳәм спорт министрлиги спорт федерациясы (ассоциация) лары менен биргеликте сырт ел қәнигелерине  3-5 тәжирийбели жергиликли қәнигелер және студентлерди бириктирген ҳалда тәжирийбе алмасыў жолға қойылады және тренерлердиң «Алтын фонды» жаратылады;

сырт елли және жергиликли қәнигелер ҳәм оқыўшы-спортшылардың қатнасыўында Туризм ҳәм спорт министрлиги тәрепинен тастыйықланған реже-кестеге муўапық  шеберлик сабақлары, семинар, конференция ҳәм дөгерек сәўбетлесиўлери  өткериледи;

олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша миллий сайланды командалардың  бас (үлкен) тренерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў,  соның ишинде, сырт  ел спорт қәнигелерин жумысқа қабыл етиў Туризм ҳәм спорт  министрлиги тәрепинен әмелге асырылады;

Сыртқы силер министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги буйыртпаларына бола олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери ҳәм басқа да спорт-билимлендириў  мәкемелерине тартылған сырт ел қәнигелерине, сондай-ақ,  олардың  шаңарақ ағзаларына кириў визаларының консуллық жыйымлары ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен  белгиленген тәртипте  рәсмийлестирилиўин тәмийинлейди;

Ишки ислер министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги буйыртпаларына бола олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери ҳәм басқа да спорт-билимлендириў мәкемелерине тартылған сырт ел қәнигелерине, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажы өндирилместен  көп мәртелик визалардың берилиўин ҳәм көп мәртелик визалардың мүддети созылатуғынын және олар Өзбекстан Республикасында жасаў орны бойынша ўақтынша дизимге алынатуғыны ҳәм  мүддетти созылыўын тәмийинлейди.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ажыратылған қаржылар шеңберинде:

усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы  брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин;

Кинематография агентлиги менен биргеликте жаслардың спортқа кирип  келиўинен баслап олардың жоқары нәтийжелерге ерисиў жолы, абырайлы жарыслардағы қатнасыўы ҳәм бүгинги күндеги турмысы ҳаққындағы  қысқа метражлы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, видеороликлер, арнаўлы  көрсетиўлердиң таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбестан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте Өзбекстан чемпионаты (кубоги), мәмлекетимизде өткерилетуғын абырайлы халықаралық жарыслар (турнирлер)дың олар өткерилиўинен кеминде еки ай алдын тастыйықланған медиа-реже тийкарында ғалаба хабар қураллары  арқалы үгит-нәсият етилиўин  әмелиятқа енгизсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине  усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпия комитетиниң баслығы Р.М Шаабдурахманов, Өзбекстан миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М. Ташходжаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа  жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр ярым жылда  Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-ноябрь