Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў және 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың кең қатламларын денетәрбия ҳәм спортқа тартыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099-санлы Пәрманына муўапық республикамызда халық арасында ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда – жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол, «Workоut» (мәҳәлле ҳәм көше фитнеси) спорттың тийкарғы түрлери (кейинги орынларда – спорттың тийкарғы түрлери) етип белгиленгенлиги;
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 25-декабрьдеги ӨРН-657-санлы Нызамы менен тастыйықланған 2021-жыл ушын республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарларына тийкарланып Туризм ҳәм спорт министрлигине спорттың тийкарғы түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын 104 миллиард сум ажыратылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2021-2022-жыллары жүриў, жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин және де раўажландырыў илажлары бағдарламасы (кейинги орынларда – бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
спорттың тийкарғы түрлерин басқарыў системасын жетилистириў;
халық арасында спорттың тийкарғы түрлери ғалаба ен жайыўын арттырыў, қәбилетли жасларды сайлап алыў (селекция);
спорттың тийкарғы түрлери менен шуғылланыў ушын шараятлар жаратыў, оларды ғалаба ен жайдырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй спорт қураллары менен тәмийинлеў;
аймақларда спорттың тийкарғы түрлерин және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған спорт илажларын шөлкемлестириў;
саламат турмыс тәризиниң ең әҳмийетли структуралық бөлеги сыпатында денетәрбия ҳәм спортты үгит-нәсиятлаў және бул процессте жоқары дәрежели мәлимлемелендириўди ҳәм мультимедиа өнимлеринен пайдаланыўды тәмийинлеў.
- Төмендеги спорт жарыслары ҳәр жылы өткерилсин:
жүриў ҳәм жуўырыў бойынша «Tashkent Marathon», «Samarkand Half Marathon» ҳәм «Zaamin Ultra» халықаралық марафонлары, «Sky Camp Bostanliq» триатлон ҳәм йога марафонлары «Барлық рекордлар бизлердики!» (5 ҳәм 10 мың қәдемге), ҳәр қыйлы аралықларға жуўырыў бойынша «Жаңа рекордларға қарай!»;
мини-футбол бойынша – «Жаңа Өзбекстан жасларымыз», «Саламат шаңарақ – Жаңа Өзбекстан таянышы» (шаңарақлық командалар арасында) «Басшы кубоги» (мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери арасында);
бадминтон бойынша – «Бәҳәр маликалары», «Бадминтон лигасы» (улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары арасында), «Басшы кубоги» (мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлери арасында) ҳәм «Имканиятыңыздан көбирегин орынлаң!» (халықтың кең қатламлары арасында);
стритбол ҳәм «Workоut» бойынша – «Рекорддан – жаңа рекордқа!» ҳәм «Нәшебентлик затларға қарсы!» (билимлендириў мәкемелери оқыўшы ҳәм студентлери арасында), «Әҳмийетлиси жеңиске ерисиў емес, ал қатнасыў!» (мәҳәлле командалары арасында), «Аўылың ушын жеңиске ерис!» (аўыл командалары арасында), «Сап денеде-сап ақыл!» (мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлери арасында).
Туризм ҳәм спорт министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және тийисли спорт федерация (ассоциация)лары менен биргеликте жоқарыдағы спорт жарысларын системалы түрде шөлкемлестирип барсын, оларға халықтың барлық қатламлары, әсиресе, жасларды кеңнен тартсын.
- 2022-жыл 1-янваьдан баслап спорттың тийкарғы түрлери бойынша аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыўдың (селекция) 3 басқышлы системасы енгизилсин:
биринши басқышта – спортшылар арасында район (қала)лық жарыслар (район/қала ҳәкими кубогы);
екинши басқышта – район (қала)лық жарысларының жеңимпазлары арасында ўәлаятлық жарыслар (Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң кубоги);
үшинши басқышта – ўәлаятлық жарыслардың жеңимпазлары арасында республикалық жарыслар.
Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан жеңил атлетика федерациясы, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Өзбекстан бадминтон федерациясы, Өзбекстан баскетбол федерациясы басшыларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың 3 басқышлы системасын тийисли аймақларда толық енгизиў ҳәм жарыслардың нәтийжелери тийкарында спорт-билимлендириў мәкемелерин қәбилетли спортшылар менен толықтырып барыў бойынша жуўапкер етип белгиленсин.
- Усы қарар менен белгиленген спорт жарысларын өткериў, жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерин хошаметлеўге байланыслы ҳәр жылғы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Туризм ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылып барылатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин. Онда:
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
ҳәр жылы спорттың тийкарғы түрлери бойынша жарыслардың турақлы түрде өткерип барылыўында халықтың барлық қатламларының қәлеўине қарап олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў илажларын көрсин;
спорттың тийкарғы түрлери бойынша жарысларды өткериў, жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерин хошаметлеўге байланыслы қәрежетлерди нәзерде тутсын;
б) Туризм ҳәм спорт министрлиги:
ҳәр жылы март айының ақырына шекем аймақлар кесиминде спорттың тийкарғы түрлери бойынша жарысларды өткериў ўақыты, орны ҳәм мәнзиллери, тренерлер, төрешилер ҳәм басқа да толық мағлыўматларды www.jtdss.uz платформасында жайластырып барсын ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятланыўын тәмийинлесин;
ҳәр жылдың жуўмағы менен спорттың тийкарғы түрлери бойынша өткерилетуғын жарысларда табыслы қатнасқан пуқаралардың ең жоқары нәтийжелери ҳәм рекорд орнатқанлар ҳаққындағы таллаў мағлыўматларын платформада жайластырып барыў әмелиятын жолға қойсын.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) «Саламат турмыс тәризи» платформасы арқалы әмелге асырылатуғын төлемлерди 2022-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын ҳәм 2022-жыл 1-январьдан баслап Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан оларды толық көлемде төлеп берилиўин тәмийинлесин.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте халық арасында жүриў ҳәм жуўырыўға қызығыўшылық күн сайын артып баратырғанлығын, саламат турмыс тәризин алып барыў пуқаралардың күнделикли турмысына жедел енип атырғанлығын есапқа алып, 2022-жыл 1-январьға шекем «Саламат турмыс тәризи» платформасын жетилистирсин, соның ишинде, мәлимлеме бағдарламасында пуқаралар тәрепинен белгиленген аралықты шынында да басып өткенлигин тастыйықлайтуғын механизмлерди қайта көрип шықсын.
- 2021-2025-жыллары аймақларда бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлери ушын 1 164 спорт майданшаларын шөлкемлестириў параметрлери (кейинги орынларда-параметрлер) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Онда:
а) Туризм ҳәм спорт мимнистрлиги Қурылыс министрлиги, Өзбекстан бадминтон федерациясы, Өзбекстан баскетбол федерациясы менен биргеликте:
еки ай мүддетте спорт майданшаларына қойылатуғын талаплар тийкарында және аймақлардың өзине тән өзгешеликлери, халықтың қызығыўшылығы ҳәм тилек-қәлеўлери, халықтың саны ҳәм инфраструкурасын инабатқа алған ҳалда спорт майданшаларының үлги жойбарларын (кейинги орынларда – үлги жойбар) ислеп шықсын;
спорт майданшаларының халықтың жасаў орынларына қолайлы ҳәм халықаралық талапларға сай түрде шөлкемлестирилиўине, спорт майданшалары қапламасы тартан-синтетикалық қапламадан болыўы, халықтың барлық қатламларының жасы ҳәм қызығыўшылықларына сай болыўына итибар қаратсын;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
спорт майданшаларын пайдаланыў қәсийетин жойытпаған ҳалда ҳәм тийисли жайласыўына бола, мәкан пуқаралар жыйыны ямаса турақ жай мүлк ийелери ширкетлерине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берсин;
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте спорт майданшаларынан халықтың нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў, орнатылған үскенелерди сақлаў ҳәм оңлаўға байланыслы қәрежетлерди нәзерде тутсын;
Бир ай мүддетте районлар ҳәм қалалар бойынша үлги жойбар тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт майданшаларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын 2021-2025-жыллары әмелге асырылыўы мөлшерленген аймақлық мәнзилли бағдарламаларды тастыйықлаў ҳәм бул жумысларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириўге интакер жергиликли исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў илажларын көрсин.
- Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылдан баслап бағдарлама ҳәм параметрлер толық орынланғанға шекем ҳәр жылы 104 миллиард сумнан қаржылар ажыратылатуғыны белгиленсин.
Қаржы министрлиги усы қарарға тийкарланып усы жылы нәзерде тутылған илажларды ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын зәрүр қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
- Туризм ҳәм спорт министрлигиниң «Спорт объектлери инфраструктурасын раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар есабынан спорт майданшаларын қурыў ҳәм үскенелеў бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.
Онда бас жойбарлаў ҳәм бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер белгиленген тәртипте таңлаў (тендер) саўдалары арқалы анықланады.
- Спорттың тийкарғы түрлери бойынша спорт майданшаларын шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша шеттен алып кирилетуғын, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын арнаўлы спорт қураллары ҳәм үскенелери, инвентарь, қурылыс материаллары ҳәм материаллық-техникалық ресурслары 2024-жыл 1-сентябрьге шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
- Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдуҳакимов – усы қарардың орынланыўын сапалы, толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлесин, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин және муўапықластырсын, ҳәр айда олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;
Туризм ҳәм спорт министрлиги – бағдарламаны орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилиўин тәмийинлесин, усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр айда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери – спорт майданшаларын шөлкемлестириў параметрлерин өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаўды тәмийинлеў бойынша барлық илажларды көрсин;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги директоры А.К.Кўчимов ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы баслығы А.Д.Хаджаев – усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң тийисли орынбасарлары, спорт федерация (ассоциация)ларының басшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 5-ноябрь