Усы жыл 29-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы  Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, сондай-ақ быйылғы жылдың  өткен 9 айы даўамында әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы М.Абдижалиев бул бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей,  республикамыздағы мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен халқымызға ҳәм исбилерменлик субъектлерине быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында 723 мыңнан аслам мәмлекетлик хызмет көрсетилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 34 процентке өскен.  Сондай-ақ, усы дәўирде 10211 исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Халыққа буннан былай да қолайлық жаратыў мақсетинде алыс жерлерге шығыў ушын «Мобиль мәмлекетлик хызметлер» жолға қойылып, республикамыз бойынша тоғыз ай даўамында 47 мыңнан аслам көшпели хызмет көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 31-январьдағы «Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша өткен жылдың сентябрь айында Төрткүл районындағы «Жамбасқала», Елликқала районындағы «Сарабий», Мойнақ районындағы «Қазақдәрья», Беруний районындағы Абай аўыл пуқаралар жыйынларында, быйылғы жылдың апрель айында Шоманай районындағы «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм август айында Әмиўдәрья районы «Қытай» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында мәмлекетлик хызметлер орайларының филиаллары шөлкемлестирилди.  Буннан тысқары, ең шетки аймақлар есапланған Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларында да халыққа филиаллар арқалы  мәмлекетлик хызмет көрсетилмекте. Атап өтилген филиаллар тәрепинен 21 мыңнан аслам мәмлекетлик хызмет көрсетилген.

Бүгинги күнге Әмиўдәрья, Беруний, Мойнақ, Шымбай, Қанлыкөл, Қоңырат, Тахтакөпир, Бозатаў,Шоманай ҳәм Қараөзек районларында мәмлекетлик хызметлер орайларының заманагөй имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Хожели, Төрткүл ҳәм Тақыятас районларында қурылыс жумыслары басланып, усы жылдың ақырына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Басқарма тәрепинен  мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши уйымларда бир қатар нызам бузылыў жағдайлары анықланған. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өткен тоғыз айы даўамында 1634 нызам бузыўшылық жағдайы анықланды. Бул жағдайлар бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши ўәкилликли уйымларға 13 усыныс, 104 ескертиў киргизилип, 131 лаўазымлы  ҳәм жуўапкер хызметкер ҳәкимшилик, 12 шахс интизамый жуўапкершиликке тартылды.

Өткен дәўир даўамында ПҲАЖ уйымлары тәрепинен жәми 28932 туўылыў, 2911 аталықты белгилеў, 377 перзентликке алыў дизимге алынған. Соның менен бирге, 11258 неке ҳәм 1115 некеден ажыралыў болған.

Тараўда хызметкерлер менен профилактикалық илажлардың алып барылыўына  айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда. 56 мәрте «Сырлы клиент» ҳәм рейд илажлары өткерилди.

Усы жылдың ноябрь айынан баслап «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына дизимге алынған пуқараларға, биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахсларға  Мәмлекетлик хызметлер орайлары  ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы жәрдеминде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўден өнидирилетуғын төлемлер бойынша 50 процент муғдарында шегирме қолланылады.

Соның менен бирге, тараўдағы жаңалықлардан бири ески үлгидеги қағаз формасындағы көшпес мүлк объектиниң кадастр паспортының орнына жаңа заманагөй үлгидеги ID пластик бирден-бир идентификация картасының берилиўи жолға қойылып, электрон формадағы кадастр паспорты көшпес мүлк объекти ҳаққында барлық мағлыўматларды қамтып алады.

Илажда мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, орын алып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтилди.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы