Транспорт қуралларының бажыхана шегаралары арқалы ўақтынша алып кирилиўи ҳәм белгиленген мүддетте алып шығып кетилиўи үстинен бажыхана уйымлары тәрепинен қадағалаў механизмлери ислеп шығылған.

Атап айтқанда, ҳәрекеттеги нызамшылық талапларына муўапық халықаралық жүк ҳәм жолаўшы тасыўда қолланылатуғын сырт еллердиң автотранспорт қураллары Өзбекстан Республикасы аймағында транспорт операцияларын әмелге асырыў мүддетинде, бирақ, алып кирилген сәнеден баслап тоқсан календарь күнинен көп болмаған мүддетте бажыхана төлемлери ҳәм салықлардан толық азат етилген ҳалда болыўы мүмкин. Соған қарамастан, ҳәзирги ўақытта айырым шахслар тәрепинен  нызамшылық талапларының қопал түрде бузылыўы анықланып келинбекте.

Атап айтқанда, 2019-жылдың 2-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстан Республикасының пуқарасы З.Н. басқарыўындағы  «СЕТРА 422215HD» маркалы автобус «Автотранспорт қуралын қайтарып алып шығыў ҳаққындағы миннетлеме» тийкарында алып кирилген болып, бүгинги күнге шекем алып шығып кетилмегенлиги анықланды. Сондай-ақ, бул жағдайға анықлық киргизиў  мақсетинде алып барылған илажлар нәтийжесинде бул автобус аўысық бөлеклерге бөлинген ҳалда сатып жиберилгенлиги ҳәм дәслепки есап-санақ қарағанда автотранспорт қуралына 541 миллион 854 мың 128 сумлық бажыхана төлеми төлениўи зәрүрлиги мәлим болды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы