Мәмлекетимизге товар материаллық байлықлардың  нызамсыз алып кирилиўиниң алдын алыў бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен бир қатар арнаўлы илажлар әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылдың 9 айы даўамында бажыхана тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы бойынша 283 факт анықланып,
4 млрд. 391 млн. сум муғдарындағы товар–материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде иркип қалынған. Соннан, 7 факт бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьяларына муўапық жынаят иси қозғатылған.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постында өткерилген арнаўлы илаж даўамында және бир факт анықланды. Усы пост арқалы қоңсы Қазақстан Республикасынан мәмлекетимизге кирип келген М.М. басқарыўындағы  “МАN” маркалы жүк автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткериледи. Усы ўақытта бул автомашинада жүк бақлаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген, бажыхана хызметкерлериниң аўызша сораўында айтылмаған, дәслепки сораўларға бола баҳасы 140 миллион сумға тең болған 14 мың дана “Mr.JoN shoes collection” жазыўлы пластмасса «ложка для обуви» товарлары бар екенлиги анықланды.

 

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги