Өзбекстан Президенти сайлаўы өтти. Халық даўыс берип, өз сөзин айтты. Ҳеш ким үсти-үстине мәжилис өткерип, сайлаўды сәўлелендириў бойынша буйрықпазлық түрде тапсырма бермеген болса-да, биз, хабаршылар имканы болғанынша бул процессти белсене сәўлелендирдик. Мениңше, жумысқа жаңа келген хызметкер де, көп жыллық тәжирийбеге ийе кәсиплеслер де буны шын мәнисинде усы Ўатанды сүйгени, онда жүз берип атырған әҳмийетли процеслерге бийпарық болмағаны, өзи, шаңарағы, перзентлериниң тәғдирин усы теберик журт пенен тең көргенинен десек, қәте болмайды!

Кейинги жыллардағы өзгерислерди пүткил дүнья тән алмақта, жасырыўдың не кереги бар, сырт еллилер мақтаўға оғада сықмар болатуғынын кәсип арқалы жақсы билемен. Жаңаланып атырған Өзбекстандағы өзгерислерди олар тән алып атыр екен, демек, буннан бир неше жыллар бурын басланған реформалардың нәтийжелилиги, ҳәттеки, сырт еллилердиң нәзерине де түсип үлгерди.

Сайлаўды бақлаў ушын мыңға шамалас бақлаўшы келген болса, қырқ-елиўи менен сәўбетлесиўге туўра келди. Бирақ олардың биреўи де «Мен интервью бермеймен, мениң өз пикирим бар, оны журналистлерге айтпайман», деген жоқ! Жетискенликлерди, ағымдағы процессти олар барынша атап өтти. Ўатанымызға ҳүрмети, журт қайғысындағы жетекшимиздиң мың машақатлы қыйын жумысларын тән алғаны ушын мениң де сырт елли мийманларға ҳүрметим оғада артты!

Хызмет сапарына бола  сырт елде болған достым менен сөйлесип, оғада бәлентпәрўаз пикир билдирмейтуғын бул инсанның бәрқулла шүкиршиликке ийтермелегени қыялымды алды. Атап өтиўинше, пандемиядай оғада қыйын ҳәм сынаўлы бир дәўирде Европаның мене-мен деген мәмлекетлеринде жумыс орынлары кескин қысқармақта. Демек, әпиўайы адамлардың нан табыў имканияты қыйынласпақта. Биреўдиң биреў менен жумысы жоқ…

Бизде не? Өткен бес-алты жыл мәмлекеттиң турмысын, санамызды пүткил өзгертип жиберди. Енди «Бизге бола береди» түриндеги қатнасықлар да, керексиз қол шаппатлаўлар, мақтаўлар, бәлентпәрўаз сөзлер бизге жараспайтуғынлығын реформалардың жеделлиги көрсетпекте.

Сиясий, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық тараўларда жедел жаңаланыў процесслери болмақта. Адамлар ҳақ-ҳуқықларын таныўы, талап етиўи, соның менен бирге, пуқаралық миннетлерин аңлаўы, пикирин емин-еркин билдириўи ушын шараят жаратылды.

Халықты ойландырып атырған машқалалар толып тасып атырғанын жасырып отыра алмады. Олар мәртебели имаратлардың кәбинетлерин де емес, мәмлекетимиздиң алыс, ең шетки аймақларына тиккелей барып, көрип, әпиўайы адамлар менен шын жүректен сәўбетлесип, талламақта, үйренип, жедел шешпекте. Ҳаял-қызлар, нуранийлар, жасларға байланыслы мәселелерге ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында қатнас жасалмақта.

Қандайда бир жылт еткен, халқымыздың кеўлин көтерген, оған сүйениш болған жаңалық, жақсылық, қайырлы әмелий баслама болса, ҳәмме адамлар, көпшилик, пүткил Ўатанласларымыз бенен мәсләҳәтлескен ҳалда енгизилмекте. Адасқанларға, түрли жалған идеяларға ушып, жер шарының отлы ноқатларына барып қалғанларға, олардың шаңарақлары, бийгүнә перзентлерине бир емес, қайта-қайта шын мәнисинде меҳир көрсетилмекте. Жағдайларды аңлаў, оларды дурыслаў ушын имканият берилмекте. Усы теберик топырақты көзге сүртиў имканияты берилмекте.

Аўыр социаллық-экономикалық машқалалар себепли сырт мәмлекетлерде нан табыў ушын жүрген мүсәпир ўатанласларымыз өз ҳалына таслап қойылып атырған жоқ. Олардың аўырын жеңил етиўи ушын ҳәмме имканиятлар иске қосылмақта.

Бүгин мәмлекеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқанлар да, әпиўайы адамлар да, қыйын аўҳалға түсип қалғанлар, қәте жолға киргенлерге де итибар көрсетилмекте!  Ҳеш ким меҳирден шетте қалып атырған жоқ. Бир шаңарақты, үй руўзыгершиликти басқарыў, ҳәммесин өз орнына қойыў, және тәртип-қағыйда, адамгершилик, инсаныйлық, өзлигин умытпаў аңсат емес! Пүткил мәмлекетти кеўилдегидей басқарыў, машқалаларына тез шешим табыў оннан мың есеге қыйын!

Ата-анамыз әтирапында мәмлекет жетекшисин, журтқа ырысқы-несийбе берип атырған дийқанларды, халқымызды, жанажан Өзбекстанымызды Жаратқан өз панайында асырасын, деп пәтия етиўден шаршамайды. Жасқы тилеклерде ҳикмет көп екенлиги бүгинги күндей жақсы күнлерде және де терең билинеди екен!

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы