АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң баспасөз хаткери Нед Прайс баянат берип, онда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының нәтийжелерине түсиник берди.
Атап айтқанда, оның сөзлерине бола, Қурама Штатлар усы жылы 24-октябрьде болып өткен Президентлик сайлаўларында Өзбекстан халқының өз қәлеўин еркин билдириў ҳуқықынан пайдаланғанын қоллап-қуўатлайды.
АҚШ Мәмлекетлик департаменти ЕҚБШ/ДИИҲБ Миссиясының даўыс бериў процеси тыныш орталықта өтти ҳәм сайлаўшылардың жоқары белсендилиги менен ажыралып турды, деген баҳаларына қосылды.
Қурама Штатлар Өзбекстан ҳүкимети ҳәм ЕҚБШ/ДИИҲБ бақлаўшы миссиясы арасындағы бирге ислесиў жақсыланғанын қоллап-қуўатлайды ҳәм ЕҚБШ усынысларының сайлаўлар және пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықларын алға қойыў бойынша келешекте әмелге асырылыўын асығыслық пенен күтпекте.
«Биз Өзбекстан ҳүкимети менен еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе усы ҳәм басқа да көплеген мәселелер бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў тәрепдарымыз», – делинеди Мәмлекетлик департаменттиң баянатында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги