Усы жылы 24-октябрь күни Өткен екшемби күнипүткил елимиз бойлап Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы көтериңкилик жағдай ында өтти.

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық қала ҳәм районларда 656 сайлаў участкасы дүзилип, сиясий мапазға таярлық жумыслары алып барылды.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясында даўыс бериўдиң жуўмағына    бағышланып өткерилген брифингте берилген дәслепки мағлыўматларға қарағанда, республикамыз бойынша дизимге алынған 1 миллион 45 мың 352 сайлаўшының 80 проценттен асламы сайлаўда қатнасқанлығы, сайлаў процесинде карантин қағыйдаларына жоқары дәрежеде әмел етилгенлиги атап өтилди.

Сайлаў күни жасаў мәнзилинде бола алмайтуғын ямаса басқа да себеплери бар 8 мың 423 сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс берип,  өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланды. Орайлық сайлаў комиссиясы  тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша 71 ғалаба хабар қуралы ўәкили аккредитациядан өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, сектор басшылары менен биргеликте Нөкис қаласы «Сарбиназ»  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Транспорт техникумында жайласқан 20-санлы сайлаў участкасында даўыс берди.

Бул сайлаў участкасында 2 мың 219 сайлаўшы дизимге алынған. Соннан 21 сайлаўшы биринши мәрте, 26 сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс берди.

Елимизде өткерилген сиясий мапазды бақлаў ушын республикамызға бир неше халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар келди. Атап айтқанда, Италия, Бельгия, Польша, АҚШ, Россия, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген бақлаўшылар 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясында, қала ҳәм районларымыздағы сайлаў участкаларында болып, сайлаў процеси менен жақыннан танысты ҳәм өзлериниң унамлы баҳасын берди. Әсиресе, пуқаралардың сиясий мапазға белсене қатнасқанлығы, орынларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел етилгенлигин айрықша атап өтти.

Ҳәр қашанғыдай сиясий мапазда жасларымыз белсендилик көрсетти. Болып өткен сайлаўларда 42 мың 587 сайлаўшы биринши мәрте даўыс берди.

-Өзимниң конституциялық ҳуқықымнан пайдаланып, сайлаўда қатнасып атырғанымнан қуўанышлыман,-дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Гүлайым Ержанбаева.-Елимиздиң айдын келешеги, ертеңги күни халқымыздың, соның ишинде жасларымыздың бахытлы турмысын тәмийинлей алатуғын талабан ушын даўыс бердим.

Президент сайлаўы республикамыздың барлық жерлеринде көтериңкилик жағдайында өтти. Төрткүл районында улыўма 131223 сайлаўшы дизимге алынған болса,  соннан 5502  сайлаўшы биринши мәрте даўыс берди. Усы күни өзлериниң бахыт тойын өткерип атырған «Аққамыс» аўыл пуқаралар жыйынынан келин-күйеўлер де сайлаўда қатнасып, өзлери мүнәсип деп тапқан талабанына даўыс берди.

Усы күни майыплығы болған, наўқас ҳәм кексе пуқараларымыз да итибардан шетте қалмастан, оларға көшпели даўыс бериў шараяты жаратылды. Улыўма алғанда, болып өткен сайлаў және бир мәрте халқымыздың аўызбиршилигин, мәмлекетимиздиң ертеңги айдын келешеги менен халқымыздың абадан турмысына бийпәрўа емеслигин көрсетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги