«Бир ўақытлары сизиӊ өмириӊизге сондай бахыт келеди, ол сизиӊ бурын жоғалтқанларыӊыздыӊ барлығыныӊ орнын толтырып жибереди»,-деген еди данышпанлардыӊ бири.

Сол айтқанындай Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ химия пәни муғаллими Бахытжан Шылымбетованыӊ «1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланыўы оныӊ турмысында бурын болған барлық машақат ҳәм қыйыншылықларды умыттырып жиберди, десек асыра айтқан болмаймыз.

Кишкенелигинен муғаллимшилик кәсибине қызыққан ол 1994-жылы университетти табыслы тамамлағаннан соӊ, ҳәзир өзи ислеп атырған усы мектепке муғаллим болып жумысқа орналасады.

-Мектепке жумысқа келген күнлеримнен баслап устазым Асенгүл Адилова изине ертип муғаллимшиликтиӊ әлўан түрли сырларын үйретти,-дейди Бахытжан Шылымбетова.-Мен устазымнан оқыўшыларға тыянақлы билим бериў  усылларын үйрендим. Нәтийжеде өзим оқытқан классларда химия пәнине қызығыўшы оқыўшылар көбейе баслады. Олар менен биргеликте сабақтан бос ўақытлары тығыз ислесе басладық. Әлбетте, бизлердиӊ бул ҳәрекетлеримиз өз нәтийжесин берип, оқыўшыларым район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын пәнлер олимпиадасында сыйлы орынларды ийелей баслады. Айырымлары медицина  институтларында тәлим алған болса, гейбиреўлери муғаллимшилик кәсибин таӊлап республикамыздағы билимлендириў орынларында жумыс ислеп келмекте…

Әлбетте, инсанныӊ ҳәр бир жетискенлигиниӊ артында тынымсыз мийнет ҳәм излениў жатады. Сол айтқанымыздай Бахытжан Шылымбетова да өз үстинде илим, билим сырларын және де тереӊирек үйренип сол үйренгенлерин шәкиртлерине үйретиўден ҳеш қашан жалықпайды. Оны кәсиплеслери усы мектептиӊ нағыз пидайысы деп атайды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеӊеси тәрепинен байрам мүнәсибети менен берилген «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси мектеп муғаллимлери ҳәм оны таныйтуғын танысларыныӊ жоқарыда айтқан сөзлерин айқын тастыйықлап турғандай.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Бахытжан Шылымбетова жумыс ислеп атырған 40-санлы улыўма орта билим бериў мектеби райондағы еӊ үлгили оқыў орынларыныӊ бири болып, ҳәзирги күнлери мектепте 1245 оқыўшы қарақалпақ, орыс ҳәм қазақ тиллеринде тәлим-тәрбия алмақта.

Мектепке тәжирийбели педагог Әдилбек Қуўатбаев директорлық етип келмекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги