Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы 2021-жыл 24-октябрь күни болып өткен Президент сайлаўында даўыс бериўдиң ағымдағы жуўмақларын жәриялады.

24-октябрь күни Ташкент ўақты менен саат 20:00 де Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши сайлаў участкаларында даўыс бериў жуўмақланды.

Дәслепки мағлыўматларға бола, сайлаўда дерлик 16 миллион 37 мың сайлаўшы қатнасты. Бул жәми сайлаўшылардың 80,8 процентин қурайды.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев халықаралық бақлаўшылар мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын өткерилген брифингте усы ҳаққында мәлим етти.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 96-статьясына муўапық, сайлаўда сайлаўшылардың кеминде 33 проценти қатнасқан болса, ҳақыйқый деп есапланыўы белгиленген. Демек, Сайлаў кодексине тийкарланып Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өткен ҳәм ҳақыйқый деп есапланатуғыны атап өтилди.

Бул – раўажланыўдың жаңа, демократиялық басқышқа қәдем қойған Өзбекстан халқының сиясий-ҳуқықый санасы, мәденияты ҳәм сиясий белсендилиги барған сайын артып атырғанын тастыйықлайды, халқымызға тән аўызбиршиликтиң және бир көриниси болып есапланады.

Сондай-ақ, көп миллетли Өзбекстан халқы мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатты, әмелге асырылып атырған түпкиликли демократиялық реформаларды қоллап-қуўатлап атырғанының әмелдеги айқын көриниси болып есапланады.

Даўысларды санап шығыўда сайлаў участкаларында сиясий партиялардың бақлаўшылары, халықаралық бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сайлаў даўамында орынлардан сайлаў нызамшылығының бузылыўы ҳаққында хабар келип түспеди.

25-октябрь күни болып өтетуғын брифингте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының дәслепки нәтийжелери жәрияланады. Сол күни халықаралық бақлаўшылардың миссиялары да баспасөз конференцияларын өткереди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы