«Перзентликке алыў тәртибиниң ҳуқықый тийкарларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-723-сан, 21.10.2021-ж) Президент тәрепинен қол қойылды.

Киргизилген өзгерислерге бола, перзентликке алыўды бийкарлайтуғын жынаятлар анық белгиленди.

Атап айтқанда, өмирге, денсаўлыққа, жыныслық еркинликке, шаңараққа қарсы, өзгениң мүлкин талан-тараж етиў, нәшебентлик қураллары менен байланыслы ҳәм басқа да бир қатар жынаятларды биле тура ислеген пуқаралар перзентликке алыўшылар болыўы мүмкин емес. Бурын биле тура ҳәр қандай жынаятты ислегенлер перзентликке алыўшы болыўы қадаған етилген.

Сондай-ақ, Ҳүкимет тәрепинен тастыйықланатуғын айырым кеселликлерге шатылғанлар да перзентликке алыўшы болыўы мүмкин емеслиги белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги