Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында 21-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев пенен ушырасыў өткерилди.

ОСК Баслығы Зайниддин Низомхўжаев жоқары мәртебели мийманды қабыл етип, оның ҒМДА Атқарыў комитети бақлаўшыларының миссиясына басшылық етип атырғанын айрықша атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мирәт етиўине бола ҒМДА Атқарыў комитети бақлаўшыларының миссиясы 24-октябрь күни болып өтетуғын әҳмийетли сиясий илаж – Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесин толық бақлап барады.

Сол себепли ушырасыўда Өзбекстан сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар, Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сайлаў кампаниясының илажлары Сайлаў кодексиниң талаплары ҳәм демократиялық принциплерге муўапық әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. ҒМДА Атқарыў комитети халықаралық бақлаўды шөлкемлестириўде үлкен тәжирийбе, сондай-ақ, сайлаўларды бақлаў бойынша керекли ҳуқықый базаға ийе.

ҒМДА Атқарыў комитети бақлаўшыларының миссиясы Өзбекстанға сапары даўамында республикамыздың бир қатар сайлаў участкаларында болып, сайлаўлар бойынша өзиниң тийисли шешимлери ҳәм усынысларын бериўди режелестирген.

Ушырасыў жуўмағында Сергей Лебедев сайлаўларды демократиялық, еркин ҳәм ашық-айдын өткериўде табыслар тиледи.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы