«Халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (627-санлы 07.10.2021 й.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2022-жыл 1-майға шекем төмендеги товарлар бажыхана бажысынан азат етиледи:

– бананлар, плайнтайнлар (жаңа ямаса кептирилген) – СЭЖ ТН коди 0803;

– таза ямаса кептирилген финикилер, әнжир, ананаслар, авокадо, гуайява, манго ҳәм мангостан ямаса гарциния – СЭЖ ТН коди 0804;

– таза ямаса кептирилген цитрус мийўелер – СЭЖ ТН коди 0805;

– таза папайя – СЭЖ ТН коди 0807 20 000 0;

– таза алма, алмурт ҳәм айва – СЭЖ ТН коди 0808;

– киви – СЭЖ ТН коди 0810 50 000 0.

Сондай-ақ, қарар менен гөш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар (қарамал ҳәм қус) ҳәм оларды сойыў өнимлери, картошка ҳәм музлатылған балықты Өзбекстанға алып кириў, оларды сатыў бойынша айланысларды ҚҚСдан азат етиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги