Гейпара шаңарақларда ҳәр қыйлы себеплер, жетиспеўшилик деймиз бе, қызғаныш деймиз бе, сыртқы факторларға бола келиспеўшиликлердиң болатуғыны, бизге белгили. Буған себеп етип кɵрсететуғын басқа да факторлар талай ғана. Ерли-зайыптың бир-бирин унатпай турмыс қурыўы яки бирин-бири толық билмей ямаса еле толық ержетпей турып турмыс қурыўы, сондай-ақ, әдеп-икрамлылық ҳәм руўхый дүньясының жарлылығы, интернет, мәлимлеме технологиялары тәсирине түсип қалыўы және еки жарты бир пүтин дегендей, әке яки анасынан жетим қалған перзентлердиң тәрбиясы ушын екинши мәрте мәжбүрий турмыс курыў сыяқлыларды себеп етиўимизге болады.
Мине, усы сыяқлы бослықлар болғанда заманласымыз тилге алғандай, муқаддес динимизге, миллетимизге улыўма жат болған «Қыянет»лердиң келип шығатуғыны анық.
Гәп перзентлеримиз, еле бой жетпеген қызларымыздың тәрбиясы ҳақкында кеткенде, бизиң менталитетимизге улыўма қарсы болған, ар-намысымызға тийетуғын, еситкенде жети жүйкеңнен өтип, ғәзеп отын жандыратуғын жағдайлардың жүз берип атырғаны оғада аянышлы.
Әлбетте, бул кең жәмийетшилик пенен бирге Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими системасында жумыс алып барып атырған мәнаўиятшыларды да тәшўишке салғанын жасыра алмаймыз.
Шынында да, Бɵлим ɵз режесинде белгиленген ўазыйпаларға бола жәмийетимиздиң турақлы раўажланыўына тосқынлық етип атырған ишки келиспеўшиликлер – ел-журт тәғдирине бийпәрўалық, шаңарақлық қәдриятлар ҳәм жаслар тәрбиясына итибарсызлық сыяқлы ҳалатларды сапластырыўда басқа тийисли министрлик ҳәм ведомстволар менен бирге жумыс алып бармақта.
Сондай-ақ, бәршеңизге белгили болғанындай, усы жылдың 19-январь сәнесинде Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев басшылығында елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик хәм жәмийетлик шɵлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып ɵтти. Мәжилисте тараўдағы жумыслар сынға алынып, руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да жетилистириў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бул бағдарда 2021-жылдың 26-март сәнесинде Президентимиз тәрепинен «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетислистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5040-санлы қарарының қабыл етилгенин ҳәм усы қарар тийкарында арнаўлы «Жол карта»ның тастыйықланғанын да атап ɵтиў орынлы.
Мине, усы қарар менен елимиздеги Руўхый-ағартыўшылық жумысларды жоқары басқышқа кɵтериў бойынша жаңаша система енгизилди. Буннан былай Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Жаслар ислери агентлиги, Ишки ислер, Халық билимлендириў сыяқлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шɵлкемлер менен бирге Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен тығыз бирге ислесиўине тийкар жаратылды.
Соның ишинде, әйне пайытта Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте 2021-жылдың февраль айында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жаңа системасын жаратыў бойынша дүзилген арнаўлы «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша турақлы үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Егер кимде ким, мәнаўият мәселеси – бул тек Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының яки тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жумысы деп ойласа, қәтелеседи. Булардың барлығы алдымызда турған ең тийкарғы, ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады!, деген еди Ҳүрметли Журтбасшымыз.
Демек, ҳәр бир тараў басшысы, ҳәр бир инсан мәнәўиятшы болыўы керек. Дана халқымызда: «Жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде ҳеш ким бир шетте қарап турмаўы, ɵз балаңды, ɵз үйиңди, ɵз Ўатаныңды кɵз қарашығыңдай сақла!» деген сүрен адамларымыздың жүрегинен терең орын алыўы керек!», деген сɵзлер бийкарға айтылмаған.
Шаңарақ муқаддес. Сергеклик болса, бүгинги дәўир талабы. Шаңарақлардың шайпалмаўына тек ғана тийисли министрликлер менен уйымлар емес, ал жасы-үлкенлер, ағайин-туўысқанлар, мәҳәлле ақсақаллары, қулласы, бәри-бәримиз жуўапкермиз. Неге дегенде, бәршемиз усы мәҳәллелерде жасаймыз. Сондай-ақ, бул ата-бабаларымыздан киятырған миллий қәдриятларымыз есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, биз Орай тәрепинен елимизде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да жетилистириў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша есап бериўден жырақпыз.
Уллы сɵз зергерлери атап ɵткендей, қай жерде, қайсы орында, қайсы мәкемеде ɵз жумысынан қанаатланыў болса, сол жерде жумыс тоқтайды.
Усы турмыслық пикирди есапқа алған ҳалда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын еле де жетилистириў бағдарында буннан былай да дɵретиўшиликте жумыслар алып баратуғынын мәлим етемиз. Бул жолда болса, елимиздеги барлық мәкеме-шɵлкемлерди, кең жәмийетшиликти, соның ишинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин тығыз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм
ағартыўшылық орайы
Қарақалпақстан бɵлими
Қарақалпақстан хабар агентлиги