Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтиң мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде 4-октябрь күни пайтахтымыздағы Технопаркте Өзбекстан – Түркменстан экономикалық форумы болып өтти.
Биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған усы форумда Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған ҳәм сырт ел базарларында барған сайын орнын таўып атырған заманагөй техникалар ҳәм әспаб-үскенелер, сондай-ақ, тоқымашылық , фармацевтика, электр техника, химия, былғары санааты өнимлериниң көргизбеси өткерилди.
Стендлерге қойылған жоқары сапалы өнимлер, жүк ҳәм жеңил автомобильлер, аўыл хожалығы, турмыслық ҳәм арнаўлы техникалар, әсбап-үскенелер мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Экономикалық форумды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов ашты. Еки мәмлекет басшыларының өз-ара исенимли ҳәм дослық қатнасықлары себепли Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы бирге ислесиў стратегиялық шериклик дәрежесине шыққаны айрықша атап өтилди.
– Түркменстан Президентиниң бул ретки сапары да өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашады. Себеби еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли исбилерменлеримиздиң бирге ислесиўи беккемленип бармақта. Биз күшлеримиз, имканиятларымыз ҳәм ресурсларымызды бир жерге топлап, барлық потенциалды жүзеге шығарыў ушын биргеликте ҳәрекет етиўимиз зәрүр екенлигин пандемия дәўири көрсетти, – деди С.Умурзоқов.
Форумда Түркменстан делегациясына усы мәмлекеттиң Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша биргеликтеги ҳүкиметлераралық комиссияның Түркменстан тәрепинен баслығы Эсенмират Оразгелдиев басшылық етти.
– Түркменстан менен Өзбекстан үлкен тәбийғый байлықлары, раўажланған санааты, геоэкономикалық жайласыўы себепли саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе. Мәмлекетлеримиз арасында саўда динамикасы артып атырғаны буннан дәрек берип турыпты. Санаат кооперациясы, транспорт ҳәм транзит тараўлары, инновациялық жойбарлар усылардың қатарына киреди, – деди Э.Оразгелдиев.
Ҳақыйқатында да, Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ушын бир қатар анық бағдарлар бар. Соның ишинде, саўда-экономикалық бирге ислесиў ең әҳмийетли бағдар болып есапланады.
Кейинги жылларда Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы саўда көлеми оғада артып бармақта. Өткен жылы пандемия болыўына қарамастан, өз-ара саўда көлеми үш есеге өсти. Быйылғы жылдың сегиз айында еки тәреплеме товар алмасыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 25 процентке артқан.
Таллаўларға бола, өткен жылы Өзбекстан Түркменстаннан сатып алса болатуғын 600 миллион долларлық өнимди басқа да мәмлекетлерден сатып алған. Тап усындай, Түркменстан ҳәм Өзбекстанда бар 612 миллион долларлық өнимлерди үшинши мәмлекеттен импорт еткен. Солай етип, бул өнимлер тап усындай сапа менен Өзбекстанда да ислеп шығарылмақта.
Өзбекстан менен Түркменстан арасында министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде жумысшы топар шөлемлестирилген болып, ол хожалық субъектлери арасында өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын кеңейтиўге қаратылған. Жумысшы топардың биринши мәжилиси усы жылдың сентябрь айында болып өтти.
Бирге ислесиўди және де тереңлестириўдиң екинши перспективалы бағдары санаат кооперациясы есапланады. Мақсет еки мәмлекеттиң исбилерменлери бирге ислесиўи ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып есапланады. Нәтийжеде Өзбекстан менен Түркменстан исбилерменлериниң биргеликте бир-бирин толықтырыўшы өндирис шынжыры жаратылады.
Форумда усы бағдарда жойбарлар үстинде жумыслар басланғаны айтып өтилди. Мәселен, ҳәзирде Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған жеңил автомобильлерди Түркменстанда жыйнаў мәселеси додаланбақта. Соның менен бирге, электр техника өнимлерин ислеп шығарыў имканиятлары да үйренилмекте. Өзбекстанда болса химия санаатында биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў мүмкин. Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, таяр тоқымашылық, былғары аяқ-кийим өнимлери ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў перспективалары жоқары.
Өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўдиң және бир әҳмийетли бағдары, бул транспорт, логистика болып есапланады. Мәмлекетлеримизде бул бағдарда оғада үлкен потенциал бар. Тек еки мәмлекетте ислеп шығарылып атырған өнимлерди тасыў емес, ал транзит имканиятларынан да кеңнен пайдаланыў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта бул мақсетлерге ерисиў ушын айрықша жумысшы топар шөлкемлестирилген болып, топар транспорт жолларын кеңейтиў, өз-ара тариф преференцияларын усыныс етиў мәселелерин додалайды.
Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўин раўажландырыўда аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан форумда еки мәмлекет аймақларының тиккелей байланысларын жолға қойыў мәселелери де итибар орайында болды.
Әнжуман соңында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында автомобильлер ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги кәрхана ашыў, электр-турмыслық техникалар жеткерип бериў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў сыяқлы бир қатар бағдарлар бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы