Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында Әдиллик министрлиги, прокуратура уйымларының жуўапкер қәнигелериниң қатнасыўында «Мәмлекетлик басшының коррупцияға қарсы гүресиўдеги кескин позициясы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў сиясатының аралық нәтийжелерин жеке қурамға жеткериў» атамасында семинар өткерилди.

Семинарда басқарма баслығының орынбасары Н.Назарбаев, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси М.Нуратдинов, Әдиллик министрлигиниң Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими хызметкери Н.Қутлымуратовалар шығып сөйлеп, бажыхана уйымлары тәрепинен мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилип, бажыхана хызметкерлери арасында коррупция, дәмегөйлик ҳәм парахорлық жағдайларының алдын алыў, анықлаў, системадағы коррупциялық қәўип-қәтерлерди минимум дәрежеге түсириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың басынан усы күнге шекем коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жеке қурам арасында 42 мәрте, исбилерменлик субъектлери менен 4 мәрте, хызметкерлердиң ата-аналары менен 3 мәрте мәжилислер шөлкемлестирилди. Усы жылдың тоғыз айы даўамында 228 хызметкер менен жеке түрде профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилди.

Семинар даўамында бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды толық әмелге асырыў, бажыхана системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың себебин ҳәм шараятларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша бажыхана уйымлары алдында турған ўазыйпалар туўралы түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплер бажыхана тараўына байланыслы сораў ҳәм мүрәжатларын Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 ямаса Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефонларына қоңыраў етип жоллаўы мүмкин екенлиги еслетип өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги