Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў илажлары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары тәрепинен Қоңырат районындағы 1-сектор аймағында жайласқан участкалық сайлаў комиссиясы баслықлары ҳәм оның ағзалары ушын семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан  Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының әҳмийети, оны нызамшылыққа муўапық өткериў бойынша сөз етти. Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының өзине тән өзгешеликлери, сайлаў күни даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм жәриялаў, сайлаў нызамшылығы ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары Е.Утениязов ҳәм С.Ниязовлар, жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының баслығы Д.Разов баянат жасады.

Баянатшылардың атап өткениндей, участкалық сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез түрде әмелге асырады ҳәм олардың жумысына араласыўға жол қойылмайды. Бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

Сайлаў кодексиниң 53-статьясы ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 14-апрельдеги қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын участкалық сайлаў комиссиялары жумысының тәртиби ҳаққында”ғы Режениң 50-бәнтине муўапық, сайлаў күни даўыс бериӯ имараты участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының үштен еки бөлеги бар болғанда ашылады.

Усы тәртиптиң енгизилиўи мәмлекетимизде сайлаўлардың ашық-айдын ҳәм әдалатлы өтиўин, сондай-ақ, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде нызамшылық нормаларына толық әмел етилиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Семинарда усы ҳәм басқада нызамшылыққа киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Қатнасыўшылар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң кызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги