Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң мәжилиси болып өтти. Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисти Сенат баслығы, Кеңес баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Олий Мажлис Сенатының мағлыўматына бола, мәжилисте социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўға байланыслы тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орнын жақсылаў бойынша 2021-жылға мөлшерленген илажлар режесиниң биринши ярым жыллықтағы орынланыўы, Жәҳән экономикалық форумының Глобал бәсекиге шыдамлылық индексинде Өзбекстанның орнын көрсетиў бойынша илажлар режесиниң орынланыўы додаланды.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 14-январьдағы «Өзбекстан Республикасында ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў жағдайын анықлаўдың нәтийжели механизмин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы ҳаққындағы мәселелер додаланды.
Атап өтилгениндей, кейинги үш ай даўамында бир қатар халықаралық рейтинглерде елимиздиң орны жақсыланды. Атап айтқанда, «S&P» Global Ratings тәрепинен жүргизилетуғын суверен кредит рейтингинде мәмлекетимиз рейтинг прогнозы «унамсыз»дан «турақлы»ға арттырылды. Парламентлераралық аўқам тәрепинен жүргизилетуғын «Сиясаттағы ҳаял-қызлар» дүнья жүзилик рейтингиниң «Парламенттеги ҳаял-қызлар» бөлиминде Өзбекстан 130-орыннан 45-орынға көтерилди. Дүнья жүзилик қайырқомлық индексинде 114 мәмлекет арасында елимиз 53-орыннан 29-орынға, яғный дерлик еки есеге көтерилди.
Мәжилисте Республикалық кеңес тәрепинен 532 бәнттен ибарат 2021-жылға мөлшерленген жумыс режеси тастыйықланған болып, биринши ярым жылыықта социаллық-экономикалық тараўда орынланыўы белгиленген 272 бәнттен 76 сы орынланғанлығы, 188 и орынланып атырғанлығы ҳәм 8 иорынланбағанлығы, сиясий-ҳуқықый тараўда 86 бәнттен 32 сының орынланғанлығы, 50 иниң орынланып атырғанлығы ҳәм 4 еўиниң орынланбағанлығы атап өтилди.
Илажда Жәҳән экономикалық форумының Глобал бәсекиге шыдамлылық индексинде Өзбекстанның орнын көрсетиў бойынша илажлар режесиниң орынланыўы да додаланды. Додалаў даўамында аймақлардың ҳуқық үстинлиги индексин анықлаў ушын зәрүр болған статистикалық мағлыўматларды «Huquq ustuvorligi» автоматластырылған мәлимлеме системасына (huquq.indikator.uz) киргизиўде жуўапкер шөлкемлер тәрепинен қалақлыққа жол қойылып атырғанлығы атап өтилди. Бул болса системаға киргизилген мағлыўматларды улыўмаластырған ҳалда өткен есап бериў жылы ушын Аймақлардың ҳуқық үстинлиги индексин өз ўақтында дүзиў имканиятын бермей атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлемеси тыңланып, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бир ай мүддетте Республикалық кеңеске тийисли мәлимлеме киргизилиў ўазыйпасы қойылды.
М.КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы