Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти комиссия баслығы З.Низомхўжаев алып барды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлерин дүзиў ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселелери көрип шығылды.
Мәжилисте додаланатуғын биринши мәселе бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Б.Қўчқаров мағлыўмат берди. Ол мәжилис қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ушын сайлаў округлерин дүзиў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талаплары, олардың ўазыйпалары, дүзилетуғын округлердиң дизими ҳәм шегаралары, сайлаўшылардың саны ҳәм округлик сайлаў комиссиялары жайласқан орын ҳаққында мағлыўмат берди.
Ҳәр бир сайлаў округиндеги сайлаўшылардың саны мәжилис өткерилген сәнеге шекем сайлаў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы мағлыўматлары тийкарында анықланған. Округлик сайлаў комиссияларының жайласыўы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен тәмийинленеди.
Сайлаў кодексиниң 9-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шегаралары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақларында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ушын 14 сайлаў округлерин дүзиў ҳаққында қарар қабыл етти.
Сайлаў округлериниң дизими, олардың шегаралары, сайлаўшылардың саны ҳәм округлик сайлаў комиссияларының жайласыўы көрсетилген ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланады.
Мәжилисте, сондай-ақ, ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациялаў мәселеси де додаланды.
Орайлық сайлаў комиссиясы ғалаба хабар қураллары менен өз-ара байланыста болыў, сайлаў процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў дәўиринде объектив мағлыўматларды кең көлемде, оператив ҳәм еркин тарқатыў мәселелерине айрықша итибар қаратпақта.
Сайлаў кодексиниң 35-статьясына муўапық, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери болажақ сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы барлық илажларды сәўлелендириў, сайлаў күни даўыс бериў имаратларында және даўыс бериў нәтийжелерин санап шығыў процесинде қатнасыў ҳуқықына ийе.
Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң бундай сыяқлы ўәкилликлери Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен берилген ҳүжжетлер менен тастыйықланыўы керек.
Нызамшылық талапларына бола, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин аккредитациядан өткериў процеси басланған. Ғалаба хабар қураллары сайлаў компаниясы жәрияланған күннен баслап аккредитациялаў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына мүрәжат етиў ҳуқықына ийе. Бул мүрәжатларды қабыл етиў сайлаўдан он күн алдын тоқтатылады.
Бүгинги күнге шекем Орайлық сайлаў комиссиясына аккредитациядан өткериўди сорап бир қатар ғалаба хабар қураалларынан мүрәжатлар келип түскен. Мәжилисте 500 ден аслам ҒХҚ ўәкиллерине аккредитациядан өткериў бойынша тийисли гүўалықларды бериў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Нурилло НАСИРЕВ,
ӨзАның хабаршысы