Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте Самарқанд ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир аймақта жаңа әўлад кадрлар резерви-«Келешек лидерлери» клублары шөлкемлестирилмекте.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, талантлы ҳәм искер жасларды мәмлекетлик пуқаралық хызметине қызықтырыў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, перспективалы кадрлардың селекциясы арқалы аймақларда жоқары маманлықтағы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер қатламын қәлиплестириў болып табылады.
Республикамызда «Келешек лидерлери» клубының жумысын жолға қойыў мақсетинде 20-35 жастағы жақсы жетискенликлерге ерискен жоқары оқыў орынларының питкериўшилери және мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери ушын таңлаў жәрияланды. Клуб ағзалығына талабанлар 4 басқышлы (ҳүжжетлерди үйренип шығыў, тест, жазба жумысы (әссе) ҳәм сәўбет) таңлаў жуўмақлары бойынша қабыл етиледи.
Бүгинги күнге республикамыз бойынша жәми 468 талабаннан электрон ҳүжжет келип түсти. Биринши, яғный ҳүжжетлерди үйренип шығыў басқыштың жуўмағы бойынша 230 талабан кейинги тест басқышына өткерилди.
Тест басқышы усы жыл 29 ҳәм 30-июль күнлери болып өтпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.