Уллы Британия илимпазлары коронавирус инфекциясынан ең көп набыт болып атырған адамлардың категориясын анықлады. Бул ҳаққында Daily Mail баспасы былай деп жазады:

«Кеселликтен емелениўден бас тартқан 40 жас ҳәм оннан үлкен жастағы адамларды өз ийримине тартпақта. Олардың айырымлары пүткиллей саламат болған ҳәм инфекциядан емленип атырған ўақытта оларда басқа кеселликлер анықланбаған».

Вакцина алғанлар арасында өлим дизимге алынып атырғанынан тоқтап, қәнигелер оған бир неше факторларды келтирип өткен. Наўқас адамлардың шама менен бес процентинде препаратқа қарсы иммунлы жуўап болмайды, және сонша адам денсаўлығында машқала болғаны ушын вакцина тәсирин оғада төмен сезеди. Бул категорияға трансплантатқа ийе наўқаслар киреди. Олар организмдеги инфекцияға қарсы гүресиўде оғада көп дозаларда дәри-дәрмақ қабыл етеди. Буннан тысқары, экспертлердиң анықлық киргизиўинше, усы категорияға қанда рак кеселлиги бар адамлар да киреди.

Қәнигелердиң еслетиўинше, коронавирусқа шалынған адамларда жасы да қәўип факторы есапланады. «Вакцина алыў COVID-19  дан өлим көрсеткишин сезилерли тәризде азайтса да, қәўип 70 жастағы адамлар ушын 35 жастағылар менен салыстырғанда 32 есе жоқары», дейди шыпакерлер.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги