Халықты үзликсиз түрде суйылтылған ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў және социаллық әҳмийеттеги объектлерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы, оның қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен белгиленген график бойынша басқышпа-басқыш жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде Нөкис районында улыўма 8756 хожалық ҳәм 128 көтере тутыныўшылар тәбийғый газ бенен тәмийинленип келинбекте. «Нукустумангаз» газ тәмийнаты бөлими есабында, улыўма 515,2 километрлик газ тармағы болып, соннан, жоқары басымдағысы 12,4, орта басымдағысы 163,2, төмен басымдағысы 338,7 километрди қурайды.
– Усы газ тармақларында 229 дана газ бөлистириўши үскенелер орнатылған болып, соннан 12cи жоқары, 217си орта басымда ислейди,-дейди «Нукустумангаз» газ тәмийнаты бөлими бас инженери Сапармурат Убайдуллаев.
Усы газ тармақлары ҳәм газ бөлистириўши пунктлерди көзден өткериў, оңлаў жумыслары менен бир қатарда, «Абат аўыл» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында райондағы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Мәденият» аўылы аймағында 8,6 километрлик газ тармақлары ҳәм 12 газ бөлистириў үскенесинде реконструкциялаў, жеңил оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, бул жумыслар ушын жәми 40,5 миллион сумлық қаржы ажыратылды.
Сондай-ақ, усы бағдарлама тийкарында бүгинги күнде 8,4 километрлик газ тармақларын тәртипке келтириў ҳәм 12 газ бөлистриў үскенеcин жеңил оңлаў жумыслары алып барылды.
Алыс аўылларда, тәбийғый газ жетип барыўы қыйын болған аймақларда жасаўшы халықты өз ўақтында иркинишсиз суйылтылған газ баллонлары менен тәмийинлеў бойынша да тараў қәнигелери ўақыт пенен санаспай, тынымсыз ҳәрекет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта райондағы «Бақаншақлы», «Арбашы», «Қыран таў», «Кердер», «Ақ терек» ҳәм «Тақыр көл» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы тутыныўшылар ҳәм усы аймақларда жайласқан үш орындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери газ баллонлары арқалы суйылтылған газ бенен тәмийинленбекте.
2021-жыл ушын суйылтылған газ тутыныўшыларына 369,18 тонна суйылтылған газ жеткерип берилиўи режелестирилген. Усы жылдың 1-июль ҳалатына 195,1 тонна суйылтылған газ жеткерип берилип, бул белгиленген жыллық режениң усы күнге салыстырғанда 52,8 процентин қурайды. Ең тийкарғысы газ баллонлардың ҳәммесине штрих кодлы стикерлер орнатылған болып, тутыныўшылар ID карталар арқалы есап-санақ жүргизбекте. Тараўдағы бундай жетискенликлер тәмийнатшы ҳәм тутыныўшылар ушын да қолайлы болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги