Пайтахтымызда Өзбекстан – Пакистан бизнес-форумы болып өтти.
Мәмлекетимизде болып турған Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында форумға барды ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Бизнес-форумда мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери, уйымлары ҳәм тармақ бирлеспелериниң басшылары ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарларының 300 ден аслам ўәкиллери қатнасты.
Бизнес-форум биринши мәрте ҳәм әйне Пакистан Ислам Республикасы Бас министриниң Өзбекстанға рәсмий сапары шеңберинде өткерилгени менен әҳмийетли болып есапланады.
Бул сапар етиў ҳәм Жоқары дәрежедеги ушырасыў менен сөйлесиўлер мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўинде барлық тармақларды қамтып алатуғын жаңа бет ашатуғыны, көп қырлы Өзбекстан – Пакистан шериклигин раўажландырыўға күшли түртки беретуғыны айрықша атап өтилди.
Өзбекстанда исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша көрилип атырған илажлар тән алынды. Денсаўлықты тәртипке салыў тараўын реформалаў, экономиканың ашық-айдынлығын арттырыў, жер майданларын ажыратыў тәртип-принциплерин, сырт елли инвесторларды ҳуқықый жақтан қорғаў механизмлерин жетилистириўдеги ҳәм басқа да тараўлардағы жетискенликлер санап өтилди.
Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Пакистан арасында товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Пандемияға қарамастан өткен жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 2019-жыл дәрежесинде сақлап қалынды.
Соның менен бирге, бул Өзбекстан ҳәм Пакистан экономикалық потенциалы менен имканиятларын пүткиллей сәўлелендирмейтуғыны атап өтилди.
Тилекке қарсы, өз-ара саўда айланысында айырым өнимлердиң үлеси салмақлылығынша қалмақта. Мысал ушын, Өзбекстаннан Пакистанға экспорт етилген еки өним – собықлы өнимлер ҳәм ийирилген пахта жипи жәми экспорттың 90 процентин қурамақта.
Сондай-ақ, Пакистаннан импорттың 80 проценттен асламы картошка, цитрус мийўелер ҳәм дәри-дәрмақлардың үлесине туўра келмекте.
Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў ушын химия, электротехника, машина қурылысы, былғары, жипек санааты сыяқлы тараўларда үлкен имканиятлардың бар екенлиги айтылды.
Буннан тысқары, санаат кооперациясы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалмақта. Кейинги бес жылда Өзбекстанда Пакистан капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны дерлик еки есеге артты ҳәм 160 ты қурамақта.
Бирге ислесиўди раўажландырыў ушын оғада көп бағдарлар бар. Аўыл хожалығы тараўы, аўыл хожалығы машина қурылысы, автомобиль қурылысы, фармацевтика санааты, тоқымашылық ҳәм былғары санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў усылардың қатарына киреди.
Форум шеңберинде министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының презентациялары болып өтти. Оларда туризм, жеңил санаат, аўыл хожалығы, фармацевтика, химия санааты тараўларында ҳәм басқа бағдарларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрсетилди.
Форум жуўмақлары бойынша инвестициялық жойбарларды ҳәм саўда келисимлерин әмелге асырыў бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршысы